Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Денгене ҳаққында нызам (Dengene haqqında nızam)

Биз мына, XX әсирде туўылғанлар әйтеўир жөн алды қарабарақ жалай берген екенбиз-ғо. Жасаўдың өзи нызамлықлары болады екен. Соған сүйенип ис тутсаң, турмысың пәрәўан кешетуғын қусайды.

Жақында мен, ойланып-ойланып, денгене ҳаққында нызам ислеп шықтым. Соны сизлердиң дыққатынызға усынбақшыман.

Денгене өтер-өтпес пышақ пенен сойылады.

Денгене етилетуғын малдың аяғы төртеў болыўы тийис.

Денгенени бәләәт жасынан өткен, қатыны бар еркек адам сояды.

Сойылатуғын малдың басын қублаға қаратып, өлетуғынын өзине айтпай, алдап жығыў керек. Жәниўарға ҳазар бермеў ушын, малдың аяғы былқылдақ трико менен яки ширик жип пенен байланады.

Баўызлаў қанын жуўатуғын бир қуман суўды ҳүкимет береди.

Денгене болып атырған жерге қассаптың ийтинен басқа ҳеш қандай жанлы-жәниўар киргизилмейди.

Егер ийеси жоқ малды денгене етиўге туўры келип қалса сол жердиң макан кеңесине қараслы милиционерди бир жиликке мутлай жазып қойыў керек.

Сойылған гөштиң пулын териге салыў қадаған етиледи. Ол ҳәр аванста үзип-жулып жыйналыўы тийис. Егер айлық банктен кешигип берилсе, оны ийисленип кеткен гөш пенен тең санап, кейингилерин алмай кетиўге ҳақылы.

Денгене болып атырған малдың басы он екиге бөлинбейди. Орталықтан оның маңлайын бир-еки жерден қайтып келген келиншеклерге, қулағын қоңсы кемпирге, тилин бийҳая қатынларға, көзин милийсаға, танаўын дикторларға бериў тийис.

Мал ийеси гөш жиликленбестен алдын жуқа жерлеринен қуўырдақ етип, справка берген аўыл кеңести, докторды ҳәм усы нызамды ислеп шыққан мени шақырып жибериўге миннетли.

Усы нызам жәрияланған күннен баслап денгене сойылып атырған жерлерде күшине киреди ҳәм үлесип болған соң пәсейеди.


31.08. 1993-жыл.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Ақыллы бөдене (ертек)
Алдынғы бөлимге қайтыў: Жақында қызық болады
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.