Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасына хош келдиңиз!
Ҳүрметли оқыўшы! Сизди бул сайтта көрип турғанымыздан қуўанышлымыз. kitapxana.com бул қарақалпақша электрон китапхана болып, бул жерде сиз қарақалпақ халқының әдебий шығармалары менен танысыў имкәниятына ийесиз.
Сайттағы шығармалар категориялар ҳәм авторлары бойынша бөлинген болып, сиз оларға шеп жақтағы менюлер арқалы өте аласыз. Сондай-ақ, китаплар бетинде сайттағы бар болған барлық китаплар дизими жайласқан.
Сайт ҳәм оның мақсетлери ҳаққында толығырақ мағлыўмат алыўды қәлегенлер болса, ҳаққымызда бетине өтиўи мүмкин. Сайт жаңалықлары блог арқалы жәрияланады, ал бизлер менен байланысыўды қәлеўшилерге байланыс бетинде имкәниятлар берилген.
Ақырғы китаплар
Жаңалықлар
Күн нақылы
Түбен Өзбек түби бир, Түп атасы Майқы бий.
Күн жумбағы
Болмайды онда бийик-ой, Өзи тегис майданша, Турады ол үш-төрт ай, Ыссы келип қалғанша, Күнде турып балалар, Түрли ойын ойнайды, Бирин-бири қуўалап, Қызығына тоймайды. Егер оңлы билмесең, Жығыласаң дүрс етип. Көрип қойса бир бала, Күледи саған мырс етип. Усыны сен ойлап тап, Басқалардан сорама, Еситип қойсақ таптым деп, Оннан тапқан бола ма.
Жуўапты көрсет Коньки