Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Жақында қызық болады (Jaqında qızıq boladı)

Адам баласы ақыл-хушлы инсан болған соң, бәрқулла әрман менен жасайды. Жас болса үй болыўды әрман етеди, үй болса мал-дәскели, перзентли болыўды, перзентли болса оларды адам етиўди, қулласы, өмир бойына, тап түстен кейин дүньядан өтетуғынына көзи жетип турса да, түске дейин кеўлинде әрман турады. Лекин, оны гейде бала-шағасына, гейде жүдә бир өкпеге тақаған яр-досларына айтағоймаса, тәнҳа өзине аян нәрсе!

Бирақ, Айтан ағаның әрманы ондай емес. Оның әрманы мудамы тилиниң ушында. Әдетте адам әрман еткен ўақытта кеўилленип, өзин жеңил сезгендей болады, езиўинде сезилер-сезилмес күлки ойнайды. Айтан ағаның әрман етиўи пүткиллей басқаша. Ол мушларын гә түйип, гә жаздырып, аяғын басқанда полды ойып жибергендей салмақ пенен, тислерин сынып кететуғын дәрежеде шықырлатып әрман етеди.

— Еле көрерсиз, жақында қызық болады! — дейди әтирапындағыларға ызғарлы түрде.

Гәпиниң рәмәўзине қарағанда оның айтқан «қызығы» өзине пайдалы, бирақ, басқалардың ҳәммесине апат келтиретуғындай болып еситиледи.

Мен оның менен институтты питкерип келген жыллары кәсиплес болдым. Тап соннан ақыр-аяғына дейин. Ол жасы елиў беслерге келип қалған, шашлары жарыдан көп ақ, маңлайы қат-қабат жыйрық, жумыстан гөре кеўли басқа нәрселерге алағадалаў адам екен. Мени онша хош көриңкиремей қарсы алды.

— Бүйерге қалай келип қалдың? — деди бир күни

— Ҳеш, өзим... Жумыс сорап келдим, алды.

— Билемен ғо, тилиңниң астында не барын! — Айтан аға терис қарап бир заман турып алды. — Дүнья өзи усындай сумлыққа қурылып баратыр. Лекин, сумырайлардың тумсығып үкиге тығаман еле! Азымаз шыдай тур, қосшым, қызык болады.

Ол усыны айтады да сыртқа шығып кетеди, я бөлмениң ишинде аяқларын бир нәрсеге әшпенлилик пенен шыйырып басып, арман-берман жүреди.

— Аўа, қосшым, солай! Көрерсең еле, жақында тамаша болады, тамаша қыламан буларды!

Арадан үш-төрт күн өтип, баяғы сорағанын және умытып кетеди.

— Бүйерге қалай келип қалдың, қосшым?

— Ҳеш өзим... Жумыс сорап келдим, алды.

— Ҳи-м! Билемен ғо, бүйерде қандай гәп барын. Шашым бийкарға ағарып жүрме, маңлайдағы жыйрық тегиннен-тегин түсти деп отырсаң ба? О-ой, қосшым, бәринен хабарым бар, «азап бергенлерге ғазап берермен» деген, шыдап турабер еле, қызық қыламан буларды!

Жумысқа киргениме бир ай болмай атырып усы гәпти үш-төрт мәртебе еситтим. Өзимнен-өзим гүдикленейин дедим. «Мениң бүйерге өтиўимде қандай гәп бар екен? Баслық ағайним болмаса, жоқарыдан ҳеш ким тиреп турмаса, айлығым кеңседегилердиң ҳәммесинен аз болса... Айтан ағаға қос қоллап сәлем беремен. Соннан келген маған қарап тисиниң суўын сорып, баяғы қосығын баслайды».

— Сен жассаң, қосшым! Түсинбейсең! Лекин, түсиндиремен! Шыдап тура бер, әне сол ўақытта көресең тамашаны!

Күн санап күтетуғын әдетти шығардым. Қандай тамаша болар екен? Маған ба я басқаларға ма? Мен не ислеп үлгердим өйтип? Я баслықты отырған жеринде қолына кисен салып алып кетерме екен? Яки мәкемемиз жабылып қала ма? Бәлким, подволға аманалы қояйын деп жүрген шығар бул!

Қулласы, азаннан кешке дейин кеўлим қандайдур бир жаман хабарды күтеди, Кеште «үҳ-ҳ» деп демимди ишиме салып қайтаман. Азанда тағы Айтан ағаның күндеги қәўетерли хабарын күтип отыраман. Ол да мениң үмитимди пушқа шығармайды.

— Отырыпсаң ба, қосшым? — деп келеди сырттан. — Бул ағаң бийкарға кешигип жүрген жоқ. Шыдай тур, ҳәммеси орнына түседи, шамаласып турыпты, әне, сол ўақытта көресен қызықты.

Күнде мың мәрте еситип жүрген гәпим болса да, ақылым ҳайран. Не шамаласып турыпты, қандай қызық болады? Адам қызық нәрсени ынтығып күтеди ғо, лекин, буның айтатуғын қызығы қәўетерли. Соннан келген бара-бара мен де күтетуғын болдым. Көрейик тә, қандай қызық болар екен? Бир байғус «қызық болады» деп үлкен үмит пенен жасап атыр ғо.

Бир күни түстен кейин Айтан аға қапының аўзында өзи қатарлы бир киси менен сөйлесип турған екен.

— Кеше жыйналыста сөйлеген сөзин еситтиң бе? — деди Айтан аға оған қарап. — Өңменине ништерди түйреп алғандай етти ғо. Енди изинен қалмайды, басланғаны-басланған. Тап көрерсең жақын арада болады қызық!

— Болсын!

Мен ишке кирип кеттим.

— Жаңағы ағаңды көрдиң бе? — деди ол сырттан кеўилли келип. — Әне, сондай он жигит болса, дүньяны дүп-дүзиў етиўге болады.

Ҳайран қаламан. Астапыралла! Бизлер жасап турған дүнья қыйсық па екен-әй!

— Зыяны жоқ, — деп ол бир заманнан изин даўам етеди. — Еле екеўимиз-ақ бираз нәрсени бежеремиз. Олар бизди қолынан келсе қурбан етип жибережақ, лекин, бизлер баш бермей жүрмиз, баш бермеймиз-әм! Мен еле олардың өзлерин табанымның астында женшемен. Әне, сонда көресең тамашаны!

Мениң түсиниўим қәте болмаса Айтан ағаның ҳәм жаңағы жорасының күшли душпанлары болса керек. Бәлким, солардан қорыққанынан тисленип жасай ма, билмеймен. Ҳәмме ўақытта қәҳәрли, әлле нәрселерге наразы, «үҳ-ҳ» десе аўзынан жалын лап ете қалады. Не дәрти бар екенин билгим келеди, бирақ сораўға тартынаман.

Кейин ала тийдириңкиреп гәп баслайтуғын болдым.

— Айтан аға, қызық болмай кетти ғо.

— Күлме қосшым! — дейди ол гижинип. Қырсық айтқанды биледи, бирақ, гәп басланған ўақытта оны бос жибергиси келмейди. — Сен еле жасаўдың мәнисин билмейсең. Бәлким, билмей-әм өтип кетерсең. Лекин, мен ҳәмме нәрсени орынлы-орнына қояман. Дүзетемен дүньяны қосшым! Шыдап тура тур, еле булар қызық болады.

Бийшараның мийнетин берип, қызық болағойса жақсы еди. Күннен күнге тораңғылдың гүзги жапырағындай сарғайып баратырған жүзин көрип, аяйтуғын болдым. Мейли, усының-ақ кеўлиндеги питсин. Болсын қызық! Кейин қоймаспа екен? Әйтеўир, ақырзаман болып, аспан жерге үзилип түспес.

Бир күни сипсекеш ҳаял келип есик бетте турып қалды. Билдим, темекиниң алан-бурқан түтини жақпады. Жаңарақта Айтан ағаның тағы бир жорасы келип, үсти-үстине үш-төрт темеки шегип, кеңсени алан-бурқан етип кеткен еди. Екеўи қулы-перең болып «дүньяны дүзетейин» деп атырған соң, мен де үндемедим.

— Айтан аға, айнаңызды ашып-әм қоймайсыз-аў, жайыңыздың иши бықсып кетипти ғо, — деди келиншек.

— Ой-бу, қарағым-аў, бул дүньяның өзи бықсып атыр ғо, — деди Айтан аға орнынан турып. — Усыны дүзетемен деп, орынлы-орнына қояман деп қара жүйкем қурыды ғо.

— Бир өзиңиз шырлай берип не қыласыз?

— Я-яқ, өйдеме келин! Бир өзим болған менен мен, миллион адамға татыйман. Себеби, мен Айтанман ғо! Азымаз шыда қарағым, еле изи тамаша болады.

Адам кеўлиндеги дәртген узақ ўақыт қутыла алмаса, жинлиниң бержағы болатуғын қусайды. Айтан аға да соның өзи. Ойлаўымша буған кимлердур қастыяншылық еткен, еле де етип жүрген. Олар көп, бул жалғыз сыяқлы. Гүреседи, күши жетпейди, тек үмит етеди. Ишинен гүбирленеди. Түсинде көрип шығады, ишиндеги ҳәўирин шығарыў ушын қурттай аўҳал сорасыўға ыңғайласқан адамға, дәртин төгип салады. Бирақ, не дәрт екенин өзи билмесе, ҳеш ким түсинбейди.

— Шыдап турың еле, жақында қызық болады!

Ол не қызық, қашан болады, қәйтип болады — жумбақ.

Түсликке кетер алдында, күнде десем лап, тез-тез айнадан сыртқа қарайды да мушын түйип гижинеди. Соң мени қасына шақырады.

— Аналарды көрдиң бе?

— Нени?

— Жеңил машиналарды.

— Көрдим.

— Жақында булардың ийелериниң бәрин «ат ағашқа» мингиземен. Әне, сонда көресең тамашаны!

Жүрегим суў ете қалады. Ойерде жигирмалаған машын турады. Олардың ийелериниң бәрин «ат ағашқа» мингизсе үлкен апатшылық ғой. Билемен, түстеги автобустың тығылысы Айтан ағаның жүрегине түсип тур.

Гүздиң аяғына таман баслық бизиң жайымызға келди.

— Ақмақ! Буның ийнинде турған бас емес — суў қабақ! — деди Айтан аға ол кеткеннен кейин. — Жүрисин көрдиң бе, аяқ басыўында басқаша бир лийкин бир. Еле ләң етемен ол аяқларды! Әне, сонда болады қызық!

Бир күни Айтан аға сырттан қуўанышлы түрде кирип келди. Бирге ислесип атырғанымызға төрт жылға шамаласып еди. Усы ўақыт ишинде оның бүгингидей қуўаныўын биринши көриўим. Оны қаланың ҳәкими қабыллаўға шақыртқан екен. Арзасы болса керек. Шақыртқан ўақтына еле еки күн бар еди. Сол еки күн өткенше Айтан ағаның мақтайтуғыны тек қаланың ҳәкими болды.

— Сен ҳәкимниң өзин көрдиң бе? — деди маған.

— Яқ.

— Пешанасы кең жигит! Өзи айбатлы, еки ийнинде еки жолбарыс отырғандай.

— Қой-әй?!

— Аўа! Бул жигит және, уўызында тойған жигит. Аш көз емес. Халықтың несийбесине көз алартпайды. Усы ҳәким келгели қала-қала қусап қалды ғо.

Турып-турып тағы баслайды.

— Ол сөйлеген жыйналысларға қатнасып көрдиң бе?

— Яқ.

— Көриўиң керек. Оның сөзлери шақмақтың тасындай! Ириден туўрап, бир айтады.

Қайтарда және:

— Ел-ел болайын десе, басшысы ер болады. Буның ата тегинде бар, қосшым. Әкеси Қыдыр көрген адам.

Я алла, заман оңына айланып киятыр ма, Айтан аға — Айтан аға болғалы-аўзынан бундай жақсы гәп шығып көрмеген екен. Оны жаслайынан билетуғынлар усыны айтып ҳайран қалып атыр. Бир-еки күннен бери «жақында қызық болады» дегенди де қойды. Енди алла инсап берип, ертеңги қабыллаўда ҳәким буның кеўлинен шығағойса не жақсы. Қайда саған! Азанда қабыллаўға кеткен Айтан аға, сәске болмай-ақ тас-талқаны шығып келди.

— Усы қала ма! — деди келиўден айнадан сыртты көрсетип. — Азанлы-кеш қоланса сасыйды. Бахты ашылмаған қала бул! Шығынды таслайтуғын ураның өзи! Басқа ҳеш нәрсе емес! Ҳәкими уры, соты парахор, милийсасы гәззап... Еле көрсетемен мен! Мениң менен ойнайды-аў! Мен әнейи адам емеспен ғо. — Айтаман ғо! Шыдап тура берсин еле, тамаша қыламан!

Басына мүсийбет түскен адамға қәйтип тәселле берерин билмеген кимседей, ләм-лим дей алмадым.

Усылай етип, еки күн тыныспадан кейин қайтадан күнде «қызық болатуғын» болып кетти. Айтыўы ырас болса, Айтан аға ҳәкимниң «галошын туўрылап қойған», тек кийгизип жибереди — болғаны, кейин бержағындағыларға тийисетуғын қусайды,

— Усы базар-базар ма? — деди бир күни қаланың тусына келгенде. Гейде оның менен бирге қайтатуғын ўақытларымыз болатуғын еди. — Гилең уры-гәззаптың мәканы бул. Буны еле базар емес, мазар қыламан. Әне, сонда көресең қызықты!

Жол бойы бассейнниң үстинен өтемиз.

— Бассейн не теңиң?! — дейди Айтан аға тисленип. — Басқа жағың келисип тур ма? Ләгенге шомыл! Буның астарында бир гәп болыўы керек, қойып тура бер, Айтанның тарпыўына түссең еле сен-әм қызық боласаң!

Усылай етип универсал дүканын, супермаркетти, стадионды, дослық қыябанын, ушып баратырған вертолетты «жақында қызық қылыўға» ант етип сөккенлериниң гуўасы болдым.

Арадан жыллар өтти. «Қызық болады» деп жүрип-ақ Айтан аға алпысқа шығып қалыпты. Бир күни оны дем алысқа шығаратуғын болды.

— Кетпеймен дем алысқа! — деп турып алды ол.

— Неге!

— Болғаны сол, кетпеймен.

— Ақыры, алпыста пенсия ғой.

— Ким соны айтып жүрген?

— Нызамда айтылған.

— Нызам - мына мен. Мениң дийдимнен шықпаған нызамлар, көрерсең еле, қызық болады!

Қулласы, ҳеш ким оны пенсияға шығара алмады. Оның менен және үш жыл бир жайда отырып мен, сегиз жып отырып Зилийха, алты жыл отырып Таңатар «жақында қызық болыўын» күттик.

Күнлердин бир күнинде ең ақырғы қызыққа ноқат қойылды. Айтан аға «еле көрерсиз, жақында...» деп атырған ўақтында бирден кеңседе жан тәслим етти.

Мерекесине ҳәмме бардық. Ҳеш ким оның «жақында қызық боладысын» тилге баспады.

— Бийшара, жақсы адам еди, — дести де қойды.

Енди бейитти алып шығады деген ўақытлары ғалаўыт пайда болды.

— Молла қайда?

— Молланы шақыр!

— Молланы алып келиң!

Отырған жеринен молла келди.

— Тақсыр, биз денени жуўып атыр едик, - деди сүйекке енген ғаррылардың биреўи — мархумның көкирегинде көк сыя менен ойып жазылған «жақында қызық болады» деген жазыў бар екен. Кесип алып тасламасақ, кетире алмадық.

— Бийшара ғаррым-аў, — деди еситип турған кемпири. — Әскерликке барғаңда жаздырып келип еди оны. Ҳәр күни азанда көйлегин киймей турып айнаға қарап, соны оқып турып баладай қуўанатуғын еди-аў.

— Мархумның етинен ет кеспең, — деди молла сүйекшилерге. — Солай көме беремиз, алланың өзи кеширсин. Денесиниң бир қыйқымы да топырақтан тысқары қалмаўы керек.

Солай етип, Айтан ағаның көкирегиндеги «жақында қызық болады» деген жазыў өзи менен бирге анаяққа кетти.


3. 01. 1999-жыл.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Денгене ҳаққында нызам
Алдынғы бөлимге қайтыў: Ҳәмелден түскен қандай болады?
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.