Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Тырнақ бояўы (Tırnaq boyawı)

Жүрип қалған жигит-отырып қалған қыздан жаман, қусайды. Сен тәме еткен дүркинлер өтип болғаннан кейин ҳеш кимге сөз айта алмайтуғын, жасқаншақ болып қалады екенсең. Бул жасқаншақлықты мен узақ ўақыт бастан кеширдим.

Бир күни кеште Кәримбай деген достым үйге келди. Кеўилли.

— Ҳәр нәрсениң ўақты-сәти болады деген ырас екен, жора. Саған қыз таптым, — деди күлип.

— Қаяқтан?

— Қаладан. Бизиң дайымның үйиниң қасына биреўлер көшип келипти. Соның ай десе аўзы, күн десе көзи бар бир қызы бар екен. Айыбы сен қусап отырыңқырап қалған.

— Ол маған көнер дейсең бе?

— Көниў екинши мәселе. Қыздың шешеси «дурыслырақ биреў табылса, жумыс бетинен алып кете берсе үндемес едим» депти. Соннан есигин аңлып отырып қызды көрдим. Аўзым ашылып қалды. Қулласы, оны алсаң, бул дүньядан әрмансыз өтесең.

Гәптиң пос гәллеси, бир достымыздың машинасын минип, үшеўимиз ертеңине қалаға кеттик. Қыз ҳаяллар салонында шаш-бояўшы болып ислейди екен.

Күтип турмыз. Саат алтыға он минут қалды. Қызлар биринен кейин бири шыға баслады.

— Әне, киятыр, — деди Кәримбай бир ўақта қызыл кофта кийген қара көз әйнекли қызды көрсетип, — Ҳәзир мен қапыны ашаман да ортаға ийтерип жиберемен. Сен өзиңе қарай тартасаң. Қалғанын жол-жөнекей көре беремиз.

Айтқандай, қыз машинаға қапталласа берген ўақытлары Кәримбай шырп етип түсти де қызды ортаға ийтерди.

Мен қорқа-қорқа қолынан тартқан болдым.

Ҳәммеси ойдағыдай болды. Кең көше менен зырлап кетип баратырмыз. Қыз ҳәр қайсысымызға бир қарап:

— Ну смотри! — деп мысқыллы күлип қояды. Бизден шайтаны сескенип отырған ол жоқ.

— Қаяққа айдаймыз? — деди бир ўақта рульдеги жорамыз.

— Қәйдем, аўылға айдайтуғын шығармыз, — деди Кәримбай,

— Аўылға?! — Қыз шоршып түсти. — Онша не аса берип? Кәримбай маған қарады.

— Ырасында да, жақынырақ жер жоқ па?

— Қәйдем, — дедим мен гибиртиклеп, — Шайханада қызапамның үйи бар еди.

Қыз және бизлерди ермек еткендей мысқыллап күлди.

— Уялмайсыз ба, қызапаңыздың үйине апарыўға.

Биз ҳайран болып бир-биримизге қарастық. Қызапасының үйине апарғанның неси уят!

— Мейлиңиз, — деди қыз ийнин қысып, — Маған бәрибир. Бирақ, адамға бес жүз сомнан бересиз. Соның өзи тырнақ бояўыма жетсе де болар.

Аң-таң болып мен Кәримбайға, Кәримбай маған қарады.


9. 07. 1996-жыл


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Адвокат ҳаққында ертек
Алдынғы бөлимге қайтыў: Қәтере
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.