Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АМАНБА (AMANBA)

Жағалтай елинен келген жанларым,
Әжекеңнин ахыў зары аман ба?
Бүлбиллер сайраған шәмен бағларым,
Бағ ишинде қызыл гүллер аман ба?

Арқыратып бедеў минип шыққаным,
Тазылар жуўыртып, кекмар шапқаным,
Кезиие көз түсип қаслар қаққаным,
Арғын түскен жана-жаным аман ба?

Қыпша белин, ақ жүзлерин қушпаға,
Ярдың қушағында шағлап йошпаға,
Умтылады пәрўаз етип ушпаға,
Бул жақты жаҳанда Гүлжан аман ба?

Күйгенимнен атын қойдым Гүлжан деп,
Пида болсын яр жолында бул жан деп,
Түнде аспанда ай, мәҳи шолпан деп,
Жүрген мениң сәўер ярым аман ба?

Ядымда тур яр қойнында жатқаным,
Палын сорып рәҳатке батқаным,
Дүньяның ләззетин излеп тапқаным,
Булжымас ўәделес ярым аман ба?

Ер жигиттин жарасығы яр деген,
Мерекеде көрип, "үйге бар" деген,
"Болып жүрмен саған аҳыў зар" деген,
Көңил берген қарийдарым аман ба?



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ГҮЛЖАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: МҮНӘСИП
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.