Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ГӨЗЗАЛЛАР (GÓZZALLAR)

Қыя бақып менин жанымды алып,
Йүз мын жилўа менен шығар гөззаллар,
Йүрегиме ада болмас от йақып,
Мениң жаным отқа йақар гөззаллар.

Тырнадек отырып, сонадәк йүрген,
Йүзмың жилўа менен қабағын керген,
Шашларына лағлы мәржан өткерген.
Мын түмен наз билән бақар гөззаллар.

Қара көзи гәўҳар киби жаўдырап,
Кийген тоны көрген сайын жалтырап,
Өңир моншақ, ҳәйкел тағып сылдырап,
Сүзип қәлем қасын қақар гөззаллар.

Ҳайтта, мерекеде жигит жыйылса,
Күни-түни бирдейин тамаша болса,
Сол заманда қызлар саллана келсе,
Жанын ашып, көзин тикер гөззаллар.

Яр сарайы дәўран он төрт яшында,
Қызлар йүрер ерди дигре-дашында,
Айтар Зийўар яр саўдасы башында,
Айттым сүйгенимнен буны гөззаллар.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БИР ЖӘНАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЙОЛ БОЛСУН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.