Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЙОҚ МЕНИҢ (YOQ MENÍŃ)

Қара көзли, шийрин сөзли дилбарым,
Сендин өзге сәўер ярым йоқ мениң,
Таза гүлистаным, маҳи әнўарим,
Ҳәсиретиңнен ҳеш қарарым йоқ мениң.

Сени көрсем болур мениң көңлим шад,
Жаҳанның ғамийдин болурман азад,
Нәзакат бабында кәмәтиң шәмшад,
Сендин өзге үлфикарим йоқ мениң.

Назлы дилбар сенсең ўафалы жәнан,
Ҳүсниңниң рәўишине боларман ҳәйран,
Шийрин жаным болса йолыңда қурбан,
Сендин өзге сәўер ярым йоқ мениң.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЙОЛ БОЛСУН
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҲӘРКИМСӘНИҢ ЯРЫ БОЛСА...
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.