Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Тоғызыншы бөлим (Toǵızınshı bólim)


Алқысса қатарында нар еди,
Гүлайымға бата алмай,
Сыртынан интизар еди,
Қалмақлардың патшасы,
Елексан деген бар еди,
Өлгейлиден шын ашық,
Гүлайымға қарыйдар еди
Ғуббатил деген қалада,
Ҳеш қолайын таба алмай,
Мойнын созып алыстан,
Сыртынан хабардар еди.
Елши салып араға,
Гүлайым елден кеткеннен,
Залым хабардар еди.
Арадан бир ай өтпей-ақ,
Он бес мың нөкерин айдап,
Ноғайлының елине,
Сапар тартып келипти,
Айбынарға басшы жоқ,
Қолайын елдиң алыпты,
Қаплап алып Саркопты,
Қаласын бузып жол етип,
Қақпасын бузып гүм етип,
Керегин талап алыпты,
Қаст еткенин өлтирип,
Ҳәмирине көндирип,
Аўлақта қутырған,
Жүдә қурышы қаныпты,
Арқайынлап қутырған,
Он күн бир ай жатыпты,
Зәўлим салып басына,
Рейим етпей көз жасына,
Халықты салып алдына,
Он еки мың адамды,
Мал айдатып кетипти.
Таўып ҳәр жақтан қатасын,
Опат қылып ордасын,
Саўдаға салып саў басын,
Буўрабайдай атасын,
Түрли бәлеге шатыпты,
Боз ордасын қулатыпты,
Қулақ салмай наласына,
Қақ маңлайдан атыпты,
Кепини жоқ, гөри жоқ,
Шаңлағында қалыпты,
Оны көрип Гүлайым,
Атасының ҳаққына,
Беш-алты аўыз толғапты:

Қарай алмай оңға, солға,
Топырақ шашып қырық мың қолға,
Шайдай таласы барқулла,
Әрман менен өлген атам.

Көпшиликти сусы басып,
Душпан менен қарсыласып,
Қас душпан менен атысып,
Зорлық көрип өлген атам.

Кескир қылыш қолға алған,
Жаўға қайтпай самар урған,
Он күн удай урыс салған,
Зорын таўып өлген атам.

Майданды еткен тас-талқан,
Қарсы душпаным төккен қан,
Ғапылда берген шыбын жан,
Әрман менен өлген атам.

Қызының күшин көре алмай,
Қол қанатың бир қуралмай,
Душпанға қылыш уралмай,
Ғапыллықта өлген атам.

Душпан менен қарсыласып,
Тайсалмастан оқ атысып,
Ҳәм гүресип, ҳәм айқасып,
Ғайрат салып өлген атам.

Жеккелик келип жаўрадың
Питпеди мақсет-мурадың,
Жәрдемши болмай әўладың,
Әрман менен өлген атам.

Суғанақлар қолын салып,
Ғапылда қамаўда қалып,
Жәрдем таппай күйип-жанып,
Зорын таўып өлген атам.

Қуўып душпанларды шаншып,
Қарсыласып найза басып,
Елиң ушын жаның ашып,
Жанын қурбан еткен атам.

Көзге илмей сини салын.
Талап етип дүнья-малын,
Халқы ушын шашып қанын,
Жаны қурбан болған атам.

Арылмай бастан ғаўғасы,
Қалмаққа жүклеп гүнасын,
Көре алмай бала-шағасын,
Әрманлықта өлген атам.

Атымды қойдың Гүлайым,
Душпанлар тапып қолайын,
Алған қалмақлар айың.
Әрман менен өлген атам.

Нешше күн айқасып удай,
Абырайлы етпей бир қудай,
Ақыры болыпты мундай,
Ғапыллықта өлген атам.

Периште алдыңды шолғай,
Халық еткеним нәзер салғай,
Руўҳың жәннети болғай,
Ийманлы бол ғәрип атам

Соны айтып Гүлайым,
Әңгимесин туўарып,
Иштен дебдиў шығарып,
Әрман менен таўланып,
Қалмақлардың қорлығы,
Жүрегин жаман тырнады,
Өзин өзи өлтириўге,
Ҳеш бир илаж болмады.

Қалада атлар ойнатты,
Қырық қызын басын қурапты
Жайдай бели қайысты,
Нәзик бели майысты,
Басын қурап қызлардың,
Түрли ақыл ойласты.
Ары келип арланып,
Бөлинген қойдай шуўласты.
Ақылына жуўыртса,
Дәртке дәртлер уласты.
Не қыларын биле алмай,
Ақылынан адасты.
Астындағы бедеўлер,
Көкке қарап туўласты.
Үдетти алға талапты,
Тумлы-тусқа ат шапты,
Көшелерде дабыл қақты,
Шыбын жанын отқа жақты,
Яд етти қуда барҳақты,
Таярланды Гүлайым.
Қуўмақшы болып қалмақты,
Елатына жеткермей,
Кеги-өшин алмақты,
Дүнья-малын етип талан,
Опат етип келсе қолдан,
Қуўып жетип жары жолдан,
Желкелерин қыйғайман.
Басшыларын қырып, жойып.
Шалып қанларына тойып,
Елек ханның көзин ойып,
Геллесин кесип алғайман,
Қарсыласса урып жығып,
Қуўып өкпелерин сығып,
Қамап тар жерине тығып,
Елине ўайран салғайман,
Усы айтқаным болмаса,
Қара жерге киргеймен деп.
Шәрт айтып Гүлайым,
Қарагер атқа минеди,
Қырық қыздың бәрин жыйнатып,
Қатара басын қурапты,
Жақсылыққа нийетлеп.
Ойлады мақсет-муратты,
Көтергенше қызларға,
Белине садақ оратты,
Ғазап етип тум-тусқа,
Дабылын қардай боратты.
Қалмақлардың түр-түсин,
Бир нешшеден сорапты.
Азық әнжамын тақлап,
Көтергенше оқ артты,
Қамал қылып қаласын,
Беккем қылып бәнтлепти.
Елатым деп зар жылап,
Кеткен жаўды қуўмаға,
Гүлайым етти талапты.
Батырлардың дүбири,
Елдиң ишин жанлатты.
Таярланды Гүлайым,
Тутты жүдә салтанатты.
Ғайып ерен қырық шилтен,
Салың бизге шарапатты.
Қырық батырлар жәмлесип,
Жаў қуралын жәмлетти.
Қалмақларды қуўмаға,
Гүлайым сапар әйлепти.
Таярланып урысқа,
Қара туўын жайнатты.
Жети күн сегбир тартады,
Жете алмайды кейнинен,
Қалмақтың ели жырақты,
Атларының туяғы,
Қайтпас жаўҳар полатты,
Тас төбеге алады,
Қайшылап еки қулақты
Қалмақларға жете алмай,
Майданда атлары ылақты,
Қарсыласқан нешшеге,
Өлимнен хабар аңлатты,
Тулпарлардың дүбири,
Баябанды жанлатты.
Салтанаты батырлардың,
Көрген жанды таңлантты.
Майданда қурып салтанат,
Жасыл туўын жайнатты,
Алдынан кесе өткенниң,
Өзине қолын байлатты.
Үш мезгилде ат жемлеп,
Қуйрық жалын таратты.
Қалмақлардың кейнинен,
Атлардың басын қаратты
Аттың басын тартады,
Гәҳи желип, гә жортады,
Әзиз жанға зор етти,
Изин қуўып қалмақтың,
Онбес күн сапар тартады.
Атларға тумар тақпады,
Қайсарға сапар жақпады,
Он алты күн жаў шаўып,
Жаўлардан дәрек таппады.
Ат шомылды терлерге,
Бәс бар ма екен халайық,
Сондай батыр ерлерге.
Жигирма бес күнде барады,
Дарақлы деген жерлерге,
Атларға терлер қатады,
Шаршаған жерде жатады,
Алып шыққан азық жоқ,
Таўлы-таслы жерлерден,
Марал, кийик атады,
Дәрек таппай жаўлардан,
Армаған сапар тартады,
Басына күнлер туўады,
Атларының терлери
Жердиң бетин жуўады,
Дәрек таппай отыз күн,
Жаўлардың изин қуўады.
Кете берсин Гүлайым,
Жаўлардан сөз басланады.

Алқысса сөзди еситиң,
Елексан деген қалмақтан,
Ноғайдың елин шуўлатқан,
Хабарсыз жатқан халықтың,
Үстинде ат ойнатқан,
Саркоптың қалың елине,
Түрли опат дарытқан,
Қанға бояп майданын,
Шашып бийгүнадан қанын,
Азаплап сан мың адамын,
Он тоғыз мың олжа малың,
Өзли-өзине айдатқан.
Ғуббат деген шәҳәрге,
Ғәзеп етип жол тартқан.
Сол кеткеннен кетеди,
Гүлайымға жеткизбей,
Шөллерди сегбир етеди.
Әйне үш ай жол жүрип,
Қаласына жетеди.
Бас-аяғын жыйнатып,
Нешшениң қолын байлатып,
Қаласын бәлент салдырып,
Қандегин терең қаздырып,
Бенде болған халықты,
Ақыл-естен састырып,
Қаласын қамал етеди.
Қабыл етпей көз жасын,
Сыйындырмай алласын,
Отқа жағып жас баласын
Қадаған етти қаласын.
Қарсыларын аттырды,
Нешшесин тири шаптырды,
Тамашаға нешшесин,
Ийтлерге таслап тарттырды.
Он-онбесин қосақлап,
Дарытты ҳәр түр апатты,
Қайғыға қайғы жаматты,
Қатарында нар еди,
Қарсы келген жеринде,
Душпанға дүнья тар еди,
Ноғайлыға аты мәлим.
Ертуўған батыр бар еди,
Елексан деген залымың,
Соннан хабардар еди.
Сол батырды алдырып,
Арқасына ер салып.
Жүдә зәрресин алып.
Узақ жолға жүк артты,
Гүнасыз берди азапты.
Көрсетти ҳәр түр ғазапты.
Нәлет болғыр қутырған,
Жылап барған халыққа,
Арандай аўзын ашады.
Сиясаты басады.
Жылап жүрген халыққа,
Аўзын ашып ақырып,
Уў-зәҳәрин шашады,
Жас келиншек, қызлардың,
Өкпелерин осады.
Көпшиликтиң ишинде.
Көпектей тарпа басады.
Дәлил айтсаң бир аўыз.
Тенеңе от басады.
Зардабынан таяқтың,
Нешшелер қан қусады.
Жуптан-жуптан қосақлап,
Аяғын беккем тусады
Он-онбестен қосақлап.
Майданда қосқа қосады.
Көзде жасын көрмеди,
Залым сөзге илмеди.
Зар жыласа, мезгилли,
Азық-аўқат бермеди.
Ертуўған деген батырдың,
Азабынан залымның.
Бети өртен шалғандай.
Дүзде умыт қалғандай,
Дозаққа тири салғандай,
Биймезгил қазан урғандай,
Шын дозақы болғандай,
Еки қап жүкти артады.
Жонына терлер қатады.
Нар түйедей байпаңлап.
Көшеде жоллар тартады,
Ҳешким көзге илмейди,
Мына болған ўайқанды.
Бир қудайым көрмеди.
Түринен хан сескенип.
Ертуўғандай батырды.
Ортаға сүйреп шығартып.
Елек хан турып сөйлейди:

«Тегиң маған душпан» — деп,
«Мынаны көпке қоспаң» — деп,
«Жутым берип жүрегөрмең,
Ертерек өлсин аштан» — деп.
Жасаўылға ақырды.
Бурынғы күнлер аздай,
Сондай жаза қоллапты,
Елге ойран салар деп,
Ертуўғандай батырды,
Тереңликке таслапты.
Сол ўақытта Ертуўған,
Қатты ашыўы келеди,
Күш бермей жети жаллатқа,
Бир тасты алып дәстине,
Жуўырып кирди Ертуўған,
Абайсызда отырған,
Елек ханның үстине,
Ертуўғанды көргенде,
Елександай ханыңыз,
Тасбақадай азнады,
Түрин көрип батырдың,
Қара жерге қазықтай.
Кирип кете жазлады.
Ҳаўлыққаны соншелли,
Елександай залым хан,
Ашыўлы шердей ақырды,
Тамағын кернеп бақырды,
Көпек ийттей барқырап,
Жаллад дийип шақырды,
Суп-сур болды жүзлери,
Аларып еки көзлери,
Шағаўық қара жыландай,
Жалақлап қызыл тиллери,
Ысқырып көзин алартып,
Бақадай болды түрлери,
Қызыл жүзин солдырды,
Ғамға кеўилин толтырды,
Бийлей алмай геўдесин,
Гә турып, гә отырды.
Ҳеш жәрдемши табалмай,
Жыландай тили жалақлап,
Жалтаңлап қарады,
Қарап турың халайық,
Батырға нәўбет жетеди,
Ертуўған сөйлей береди:

«Ҳа қутырған, қутырған,
Ашып қара көзиңди,
Сораса жуўап бермейсең,
Сен киммен дейсең өзиңди,
Ҳәзиринше асықпа,
Сарғайтарман жүзиңди,
Барғаныңда Саркопқа,
Қара шалдың бағыма.
Ийнедей гуман жоқ еди,
От жибердиң тағыма,
Пенде қылып айдадың,
Урып соғып азаплап.
Нелер айттың халқыма,
Екситермен жасыңды,
Жуларман бир-бир шашыңды,
Жас қуўрай қурақым көрмей,
Омырайын ба басыңды,
Қайрақ тастай қайрайын,
Қырайын ба тисиңди.
Ойран қылып шебине,
Айдайын ба исиңди.
Мени ким деп билесең,
Басыңа кий телпектей.
Ақыры меннен өлесең.
Көзиңди ашып анықлап,
Неге мени көрмейсең,
Үш айшылық жоллардан,
Баслап келдим халқымды,
Нәсиятлап жубатып.
Ертип келдим журтымды,
Олжа қылып түсирдиң,
Он алты мың малымды.
Неге қәдирим билмейсең,
Тал бураўға буратып.
Қыйратайын ба саныңды,
Қара тигип бағыңа.
Шашайын ба қаныңды.
А қутырған, қутырған.
Ойла соңғы ҳалыңды.
Шаба берме батпақтан.
Байқап сөйле соңыңды,
Айы-күним батқанша,
Умытпастан сөзиңди,
Сен де бир ийт қутырған,
Тах деп алдап халықты,
Салға минип отырған,
Түбириме найза урма.
Писип турған егинимди,
Ярым белинен орма,
Гезек келип есин жыяр,
Ойланып көз жасын тыяр,
Аламды тутып елеслеп,
Кейнинен келер ақ суңқар,
Қашарыңа жер таппай,
«Неге тийдим күн туўар».
Балларының ары ушын,
Ақ суңқарым ийшалла,
Қәҳәр менен пәнже урар.
Сендей ақмақ қутырған,
Бир пәнжеде жоқ болар.
Нәўбет бизге айналып,
Аңла соны қутырған.
Айы-күниң тез батар,
Шаба берме батпақтан,
Бизге жарық таң атар.
Бийик таўың қулатып,
Шәҳәриңди қыйратып,
Аты шыққан нәрўаныңды,
Балта салып қулатар.
Улың менен қызыңды,
Әрман менен жылатар,
Сескенбеймен айбатыңнан,
Тилимди сеннен тартпайман,
Жалынық сөз айтпайман,
Жандыр мени отыңа,
Ҳақ ҳеш жерден ҳарымас,
Аңла мен саған ҳақпан,
Еки жүзли кескир алмас,
Ҳаслы кәри гүнасыз,
Ҳеш бир жерде жыламас,
Жөнсиз еткен жаманлық,
Ҳеш жерде ядыңнан қалмас.
Полат найза урғанда,
Қара тас та тоқтамас,
Қәдирли адам қалың жаўда,
Қапаланып жүзи солмас,
Қалың жаўда жүрсе де,
Несибеси арылмас,
Қайда барса жол ашық,
Ҳеш жерде жолы тарылмас.
Ғайратымды көрген халқым,
Маған нарыйза болмас.
Жақсылық қылсаң жигитке,
Ҳеш бир жерде умытпас.
Мына қылған қысымың,
Ҳеш ўақта ядымнан қалмас.
Ақмаққа нәсият айтсаң,
Сөз мәнисин аңламас.
Алқысса сонда Елек хан,
Айбалтасы жарқырап,
Шалған малдай қарқырап,
Аш көпектей барқырап,
Жаллат дийип шақырды,
Қыйың оның желкесин,
Қулақ, мурынын кесиң,
Алың ақыл менен есин,
Пәнди-пәнди нәсиятым,
Алдыма қайтып келмесин.
Тезме-тезден әпкетиң,
Екинши көзим көрмесин,
Ертеректен апарып,
Уў жайлатың денесин».
Тайын болып сәккиз жаллат,
Еркин бермей урып айдап,
Тумлы-тустан анталап,
Зулымлығын баслап,
Қырық қулаш терең зинданға,
Апарып таслатты.

Алқысса залым қалмақтың,
Пәраўан шықты пәрманы,
Алға басты дәўраны,
Кеўилине келгенин ислеп,
Ишинен шықты әрманы.
Қамал қылып қаласын,
Қадаған етип даласын,
Жата берсин Елек хан,
Алқысса жүз түйеге жүк артты,
Танап пенен бек тартты,
Сол шәҳәрде бир байдың,
Түйе тартқан кәрўаны,
Түркстанға жол тартты.
Кәрўанға сырын айтады,
Әрман, шерин молайтады,
Бенде болған халықтан,
Бир әжайып хош жигит,
Түйесин тартып кәрўанның,
Қашып елге қайтады.
Елек хандай залым хан,
Байқап көрсе алды-арты тар,
Есапсыз жатқан бенде бар,
Нешшесин етти өлимдар,
Қуўғыншы жаў келер деген,
Елек ханның қәўпи бар,
Өз-өзинен ханыңның,
Жүреклери ҳәўлирип,
Өзин өзи ирке алмай,
Әжептәўир түс көрип,
Көзине жаны көринди.
Өз-өзинен басына,
Зимистан қурылды,
Әлемди етип тас-талқан,
Шеттен адам киргизбей,
Қаласын етти қадаған.
Арадан қырық күн өткенде,
Өз-өзинен ҳаўлығып,
Саўда түсти басына,
Қарамады халықтың,
Көзден аққан жасына.
Буйрық берип жыйнатты,
Он еки мың аламан.
Алдына түсти басшы бар,
Жаў жарағын жыйнатып,
Шыбын жанын қыйнатып,
Бесеў ара бек аўыл,
Онаў ара жасаўыл,
Жасаўыллап айдатып,
Саўда салып басына,
Шыбын жанын қыйнатты,
Бедеўлерин ойнатты,
Полаттан суўлық шайнатты,
Әскерине бас болып,
Елексан хан жол тартты.
Ат шапқан дағлар пәс болып.
Баўыры қара тас болып,
Асығыста жол тартады,
Он мың нөкерге бас болып,
Дағы-дашлардан жол салып,
Көргенди ерксиз қаратып,
Қаласына жар салып,
Ишине әрман шер толып,
Кеўиллерин суў алып,
Қолына жасыл туў алып,
Дабылынан жер қозғалып,
Күн-түн демей ғайрат салып,
Елек залым жол тартады,
Ерте бастан алдын алып,
Халқына сөз айтады,
Елек ханың дабыл қағып,
Әскерлерим, қулақ сал,
Басыңа түспесин ғалма-ғал,
Пәнди-пәнди нәсиятым,
Қашып-пушып қалмақлар,
Бул кеткеннен кетесең,
Зарандып таўға жетесең,
Оннан да арман өтесең,
Аштарханның бойына,
Барып мәкан етесең,
Ар жағынан жаў келсе,
Қарсыласып атасаң,
Мусылман мен урыс салып,
Әрман-шерин тарқатасаң,
Атларыңды тағалап,
Жәдде таўын жағалап,
Қырық күн жолға қарансаң,
Киятырған жаў көрсең,
Ғалаба атлар саласаң,
Қайтпай урыс саласаң,
Алдаў сөзге инанып,
Душпанға бенде болмайсаң,
Күш бермесе қарсы жаў,
Аямаңыз жаныңды,
Қырғын болып жолыңда,
Апармаңыз қалаға,
Мен шыны дос сенлерге,
Қашып бармаң қалаға.
Лашыңды ийтке тарттырып,
Шығарарман жаныңды.
Қашқанлар болса ермеңиз,
Абыройды қолдан бермеңиз,
Шыбын жаның шыққанша,
Жаўға қылыш сермеңиз.
Нәмәрт болып алдыма,
Қашып келип жүрмеңиз,
Қолдан келсе өлтириң,
Тегинликке өлмеңиз.
Арың ушын мәртлерим,
Душпанларды жерлеңиз.
Қыстай берсе қарсы жаў.
Маған хабар бериңиз.
Сондай сөзди тапсырып,
Қанық сөзлер айтады.
Он мың әскер кейнинде,
Сапар тартып барады.
Буйрық берип әскерине,
Хан кейнине қайтады.
Әскербасы еситип,
Хан ҳәмирине көнеди,
Қайыл болып ҳәмирине,
Хан кейнинен жөнеди.
Әскербасы бас болып,
Таўға қарап дөнеди.
Думан басып күн жүзин,
Қаранғыға дөнеди.
Он еки күн жол жүрип,
Сол таўларға келеди.
Әлем жүзи қараңғылық,
Жанған отлар сөнеди.
Он бес күн жүзи толғанда.
Жәдде деген таўына,
Бас аяғы қуралды,
Аттың жалын тарады,
Он мың әскер жыйналып,
Қатар-қатар сап тутып,
Талып барған көп әскер,
Үш күн турмай жатады.
Күшин белге жыйнады,
Сарғайып таңлар атады,
Жәдде деген таўында,
Елек ханның әскери,
Қараўыл болып жатады,
Жата берсин қалмақлар,
Алқысса сөзди еситиң,
Гүлайым Қыран батырдан,

Гүлайымдай батырың,
Өрмияның шөлинде,
Атларын жолға салады.
Изин қуўып қалмақтың,
Майданда сапар тартады,
Шаршаған жерде жатады,
Атларға терлер қатады,
Қыя майдан далада,
Ақ бөкен, марал атады,
Аш болғанда әреп атлар,
Таўдан ғаўдан шалады.
Қалмақлардың кейнинен,
Майданда сегбир тартады.
Сарғаяды, солады,
Ерте турып, кеш жатып,
Отыз алты күн қонады.
Ат шабысып майданда,
Қызлар сапар тартады,
Ҳарып-шаршап талады,
Терек дәрья бойында,
Он күн атлар шабады.
Салқын менен жол жүрди,
Қыйынға өзин көндирди,
Жоллар таппай адасып,
Бир ярым күн жол жүрди,
Рахмет жигит сойына,
Түсип сарсанлық ойына,
Еки айда жетеди,
Аштарханның бойына,
Бир өзи бир мыңға татыр,
Алдында көп әскер жатыр,
Гүлайымның аўҳалын,
Еситкенди Қыран батыр,
Кийинип бадана саўытты,
Мәдет әйлеп пири Даўытты,
Он сәккиз күн ҳәлек болып,
Қыйын жерден жоллар таўып,
Аштарханның бойында,
Қыран батыр жетеди,
Кейнинен ат шаўып,
Гүлайымдай достына,
Саў-саламат қосылды,
Қыран батыр қустай қаўып,
Туўған жерлер қалды қашық.
Тымсал менен ат шабысып,
Саў-саламат қосылады,
Кеўил қосқан еки ашық.
Дабылы елге дан болды,
Айырылысып бир биринен,
Қара бағры қан болды.
Хабарсыз қалып ашығы,
Кеўилине әрман болды,
Қыйын жерде қосылып,
Еки батыр кеўиллери жәм болды,
Қалмақ пенен қас болып,
Кеўили тасып мәс болып,
Аштарханның бойында,
Үш күн жатып дем алды,
Еки ашық кеўил қосып,
Қара шашын тарады,
Аштан өлген өлини,
Топар-топар көреди.
Тисин қайрап батырлар.
Қәҳәр менен келеди.
Аштарханның бойында,
Жол таба алмай жүреди.
Ҳеш жерден туўры жол таппай,
Не қыларын биле алмай,
Ашшы-душшы татады.
Аштарханнан өте алмай,
Әйне бир ай жатады.
Тоқсанның айы туўған соң,
Тас болып теңиз қатады,
Қыран батыр бас болып,
Муз бенен жоллар тартады,
Қырқы бирден атқа артып,
Музларға топырақ шашады,
Кем-кемнен ҳийлеси асып,
Қәўипли жерлеринен қашып,
Көк тайғаққа қум шашып,
Бедеўлер пәрманлап басып.
Аштархандай теңизден,
Пияда он күн жол асып,
Көрди түрли әламатты,
Еренлер бериң дәраматты,
Жағылмай жаман кәрамат,
Кеш жерден жетиспей апат,
Он алты күн сегбир қағып,
Аман-саў қырық өтеди,
Аштарханнан саламат.
Теңизден аман өтеди,
Ендиги жолы төтеди,
Кеше-күндиз жол жүрип,
Бир бөлек таўға жетеди,
Урысқа жүдә шақланып,
Жаў жарағын тақланып,
Асығыста киятыр,
Қалаға қарап ат салып,
Елес-елес арасы,
Бир күнлик жол таласы,
Қалмақтың мәнзил ханасы,
Ҳәм басшысы, ҳәм батыры,
Қыран батыр данасы,
Жақынлап келди шамасы,
Жарланған таўдың дарасы,
Яр болғай қәдир алласы,
Елес-елес көринди,
Бир топ кәрўанның қарасы
Оны көрип қырық батыр,
Атқа қамшы басады,
Кеўили толып тасады,
Топарын бузбай ат қойып,
Кәрўанға ҳүжим жасады.
Узағырақ еди арасы,
Тум-тусынан топылып,
Есик-төрли келеди,
Екеўиниң шамасы.
Кәрўанбасы булардан,
Ҳаўлықпады, қорықпады,
Жасқанып көзин тартпады,
Жүдә әжайып көринди,
Жас қызлардың жылўасы,
Жас қызларды көрген соң,
Аң-таң болып кәрўанлар,
Ақыл-есин алдырып,
Жуўырысып шығып алдына,
Қасты бардай қарасты,
Алағададан нәрсе жоқ,
Жүдә кеўили тасты.
Қәҳәрленип Гүлайым,
Қарасқанын ар билип,
Ашыўы қәддинен асты.
Ҳасылың қайдан кәрўан деп,
Тезден-тезден жөн сорасты.

Нешик болып қәҳәр менен найза урсам,
Қазан урған қызыл гүлдей солдырсам,
Жаның барда ҳасылыңды айтың кәрўанлар,
Диниң қайдан, елиң қайдан боларсаң.

Қарсыласып жаў қайтармақ бизиң кәр,
Қылыш урсам заманыңыз болар тар,
Жасырмастан ҳасылыңды тезден айт,
Қайсы журтқа баратырған саўдагер.

Түсирейин жаманлықтың қуяшын,
Мен бузаман жаманлардың уясын,
Қайсы журттан қайсы журтқа барасаң,
Артқаныңыз қандай ханның дүньясы.

Сексен нарға алтын, гүмис артыпсыз,
Аўмасын деп шыжым менен тартыпсыз,
Қайдан шықтың, қандай журтқа барасаң,
Сегбир тартып узақ жолға шығыпсыз.

Биз билмеймиз тегис пенен тикжарын,
Бағыш әйле бизге сиз ҳәрне барын,
Қайсы елден қайсы журтқа барасаң,
Жасырмай айт туўры бергил хабарың.

Алқысса саўдагерлер,
Буның жаў екенин билмей
Түрки тилине түсинбей,
Танырқанып-таңланып,
Қумартқан көзлерине,
Сәўле шашқан жүзлерине,
Таңлай таңлай қарады.
Ермек қылыңқырап,
Шақалақлап күледи.
Сол ўақтында Гүлайымның,
Сүйегинен өтеди.
Алғыр қустай шабынып,
Гүлайымдай батырдан,
Қызлар жуўап күтеди.
Аңлай-аңлай Гүлайым,
Кәрўанның сырын аңлады,
Сөз бағдарын сорады.
Қалмақтың кәрўаны екенин
Сөзлеринен байқады.
Ашыўланып Гүлайым,
Жаўған қардай борады.
Семсер урып басына,
Ақырзаман қурады,
Душпан екенин аңлады,
Күши тасып қайнады,
Тәртип берип қырық қызға,
Жығып кәрўанды узынына салады.
Еки жүзли пышағын,
Оң қолына алады,
Сиз бе ермек қылған деп,
Қарқыратып шалады,
Қызлардың қурышы қанады,
Түйе тартқан кәрўанларды,
Туқымқурт қылып шалады.
Сексен түйе ҳасылын,
Тегин олжа қылады,
Қылыш қаллаў қәдеси,
Қарсы алдынан шығады.
Алқысса бир қудайы яр еди,
Елим деп интизар еди,
Кәрўанлардың қасында,
От жағыў кәспи-кәри еди,
Бенде болған мусылманнан
Жасырынып жан сақлаған,
Кәрўанлардың қасында,
Артық деген бар еди.
Жасы алпыстан асқан,
Сақал-мурты шубалып,
Аяғына басылған,
Елек ханның қысымынан,
Өкпелери осылған,
Кәрўанларға жалынып,
Түркстанның шәҳәрине,
Қайтыў ушын қосылған,
Сақал-шашы жумақтай,
Қалмақ берген қорлықтан,
Ерегиректе тур еди.
Қызлардың түрин бир көрип
Жуўырып келди бийшара,
Гүлайымның қасына,
Аяғына бас урып,
Буған қарап сөйледи:

Басында түрли уўайым,
Қырымды алып бир қудайым,
Мен әрманым айтайын,
Қулағың сал Гүлайым.
Жас төктим көзден жасымнан,
Айрылмай мийнет басымнан,
Елексан деген қалмаққа,
Пенде болдым жасымнан.
Туўды-питти бул мәнет,
Айрылмады басымнан,
Хабар сора Гүлайым,
Мен ғәриптиң ҳаслынан,
Саған хабар айтайын,
Пенде болған халқымнан деп,
Гүлайымға хабар айтып,
Мынадай сөз айтады:

Тарыққаннан көзден ақты қанлы жас,
Қайғыдан жарылды қалың қара тас,
Бүлген елден саған хабар айтайын,
Қулақ салып қуп тыңлаңыз қарындас.

Басыма түскенди ҳәр түр уўайым,
Батыл болған абыройды қуўайын,
Қулақ салып тыңла мениң аўҳалым,
Қыйын аўҳал өтти бизден Гүлайым.

Бүлген елдиң қыйын мүшкил ҳалы,
Залым қалмақ тайдырғанды дәўраны,
Сорасаң ҳаслым мениң мусылман,
Ҳал сорасаң бүгин бизден дәрманым.

Қуўанышыңда сениң өсип жайнайын,
Алдыңызда мен баслайын қарағым,
Буннан былай жылаўыңды жетеклеп,
Қалмақтың шәҳәрине алып барайын.

Қалмақтың азабы өтти жаныма,
Пенде болып Елек ханның торында,
Үш жыл бойы болды ҳалымыз мүшкил,
Қалмақ сабап қан толтырды қойныма.

Қарсылассаң қыйды оның желкесин,
Қырылды халқының таппай ийесин,
Гүлайымжан қайсы бирин айтайын,
Ойлап көрсең мен сыяқлы ҳәммеси.

Елатымда аты шыққан ер едим,
Сыйынғанға қол бергендей пир едим,
Кеше-күндиз сениң тилегиңди тилеп,
Кәрўан менен жанымды сақлап жүр едим.

Мына сөзди еситип,
Гүлайымдай перийзат,
Бенде екенин аңлады,
Азат қылды елимнен,
Алдына соны салады,
Тәўекелге бел байлап,
Олжа қылып кәрўанды,
Жолға раўан болады,
Қапа кеўлин хошлады,
Қайғылы ғамды таслады,
Қуўанышта Артықбай,
Гүлайымға жол баслады,
Батырлар қылыш қанлады,
Жолға раўан болады,
Аштарханды жағалап,
Үш күн жоллар тартады.
Атлардың жоны қызады,
Қуўдай мойнын созады,
Қыя шөлде жарысып,
Биринен бири озады,
Қазандай қара тасларды,
Талқан етип бузады.
Аштарханды жағалап,
Жети күн жол тартады.
Себеп болып жалғаўына,
Баслап баратыр ғарры,
Қырық қыздың қарсы жаўына,
Намазшамда жетеди,
Қараспаң деген таўына,
Аттың жалын тарады,
Ғарры күнге жарады.
Бәлент таўдың басында,
Қатара турып қырық батыр,
Төрт тәрепке қарады,
Аттың жалын өреди,
Аш болғанда әреби атлар,
Таўдан жуўсан тереди,
Кеўилин басып қараса,
Жәдде деген таўында,
Көп жығынды көреди.
Қалмақтың қайсар ерлери
Өзине мәлим жерлери,
Жәдде деген таўында,
Жатыр еди ен жайып,
Елек ханның әскери,
Алды-арты бийик жар,
Елес-елес жаўды қар,
Киятырған батырлардан,
Елек ханның әскери,
Бәршеси болды хабардар,
Аңлып жатқан көп әскер,
Тайсалмай атлар қояды,
Қайғы-ғамды жояды,
Бир бирине қарсыласып,
Еки жаўдың арасы,
Ақырзаман болады.
Ҳийлеси әбден асады,
Күшлери ғаўлап тасады,
Қарсыласып қалмақлар,
Тум-тустан найза басады.
Қарсыласып Қыран батыр
Оннан-солдан ат салып,
Қайтпай қушақласады.
Менмен деген батырына,
Қайтпай ат қосады,
Гәҳи озып, гәҳи қалып,
Қалмақлардың батырын,
Тап жаўырынынан шаншады,
Ҳаўлықпады, қорықпады,
Аттың басын тартпады,
Қырандайын батырға,
Отызы бирден топылса,
Саўытынан баталмай,
Қамыр яңлы батады.
Көбине қылыш жумсады,
Бири қуўып, бири қашады,
Қалмақлардың әскери,
Тум-тустан ҳүжим жасады,
Тенеси қайнап йошады,
Ийини келсе Қыран батыр,
Он бесин бүклеп басады.
Қалмақлардың әскерин,
Қанын суўдай шашады.
Ат кекилин өреди,
Арадан үш күн өткенде,
Қалмақлардың әскери,
Түрин жаман көреди,
Гүлайымның батырынан,
Сол жерде бес қыз өледи.
Қарсыласқан елине,
Қайтпай найза басады,
Ийини келген жеринде,
Анаў-мынаў палўанын,
Ылақ қылып қашады,
Арадан бес күн өткенде,
Қалмақтың қалған әскери,
Кейнине қарап қашады,
Қурт ойыны қурылды,
Астындағы бедеўлер,
Қанға тайып сүринди,
Қалмақлардың әскеринен,
Алты мыңы қырылды,
Саўыт кийип сайланды,
Әбден бағы байланды,
Гүлайымға бата алмай,
Қалмақтың қалған батыры,
Шегинип кейнине айналды,
Оғын атып байытады,
Ақыл-ҳуўшын жойытады,
Гүлайымға бата алмай,
Қалмақлардың әскери,
Серпилип кейин қайтады,
Бағларда гүллер шайдады,
Бабаңа алғыс айтады,
Қыран батыр, Гүлайым,
Қалмақтың қалған әскерин,
Қойдай қылып айдады,
Бағдың гүли солады,
Қуўанышқа кеўили толады,
Қыран батыр, Гүлайым,
Қалмақлардың әскерине,
Мысал тәжжал болады,
Басына күн туўады,
Белине садақ буўады,
Әзирайылдай топылып,
Қырық қыз бенен Гүлайым,
Қалмақларды қуўады,
Қан толды терең сайлары,
Кетти ақыл менен ойлары,
Тум-тусқа шықты қалмақлар,
Тирилик болып ғайлары,
Кирерге тесик таба алмай,
Қараңғы болып күн менен ай,
Ҳәр ким басы менен ғай,
Қараңғы болды майданы,
Тым-тырақай тозады,
Қыран деген батырға,
Он күн қарсыласалмай,
Ҳарып-шаршап талмады,
Гүлайымның қырық қызы,
Айдарҳадай жалмады,
Барғанынша қалаға,
Елек ханның әскеринен,
Бир тири жан қалмады,
Минген аты шабылмай,
Қарсыласып дабыл қағылмай,
Қалаға жақын барғанша,
Ныпқырт болды қалмақлар.
Батырға қарсыласарға,
Бир тири жан табылмай,
Қылыш қаннан тап алынды,
Өлимнен айралық жаманды,
Дүбиринен сескенип,
Ғуббат деген қаласына.
Тас қорған етип қамалды.
Қырық қыз ғайрат салады,
Қалмақлар сетем алады,
Барғанын билип Гүлайымның,
Қалмақлардың шәҳәринде,
Ақырзаман болады.
Алқысса қәҳәринен булардың,
Бурқасынлап жаўды қар,
Минарланып турыпты,
Қаласында қанлы дар,
Жаўдай жаснап анталап,
Қалмақлардың шәҳәрине,
Барды дийди батырлар.
Ашылған бағда лалаға,
Сыйынып қудайталаға,
Анталап келди қырық батыр.
Ғуббат деген қалаға.
Шықпай ақыл данасы,
Ойран боп жигер санасы,
Оннан-муннан ат қойды,
Кире алмады қырық батыр,
Қамал еди қаласы.
Жазылып атын шаба алмай,
Абырайын жаба алмай,
Ҳайран болды Гүлайым қыз,
Қаланың аўзын таба алмай.
Сарғайып таңлар атады,
Әжел шарабын татады,
Жанлы адам таба алмай,
Шаршап барған батырлар,
Шатырын қурып жатады.
Алқысса сөзди еситиң,
Елек деген залымнан.
Әскер қашып келген соң,
Истиң түрин аңлаған,
Ақыл-естен айырылып,
Тумлы-тусын барлаған,
Бурынырақ ғамын жеп,
Қаласын еткен қадаған.
Не қыларын биле алмай,
Қолындағы пендеге,
Қатты зулымлық қылған.
Шыбын жанын қыйнады,
Елек хандай залым хан,
Аламанын жыйнады.
Қарсы турып буларға,
Түрли ҳийле жасады,
Қаласын бәлент салдырып,
Қәндегин терең ояды,
Отқа жағып нешесин,
Нешесин тири сояды.
Мусылманның әўладын,
Тирилей жерге қағады,
Қосақлап қойдай сабалап,
Қайғыға қайғы жамады,
Жети жасар балларын,
Шай отын қылып жағады.
Зулымлығын арттырды,
Бөлинген қойдай шуўлатты,
Қаласына киргизбеди,
Гүлайымдай перийзатты.
Гүлайымдай перийзат,
Майданда жүрип тыңлапты.
Мысқа айналды гәўҳар тасы
Қабыл болмай көзде жасы,
Иште жанып шуўлайды,
Бүлген елдиң ғарры-жасы.
Еситип оны Гүлайым,
Қаласына кире алмай,
Ат басындай жүреги,
Сарайында туўлайды,
Саңлақ таппай ҳәр жерден,
Жан-жағына қарады.
Асығыста атланып,
Дәрўазаға келеди,
Нәзер етип қараса,
Пақшасының кепсери,
Қола менен қуйылған,
Қара тас пенен көмилген,
Бийиклигин сорасаң,
Ушқан қуслар өте алмас,
Қарасы жүдә шайылған,
Атқанда оқ өтпейди,
Тойтарылмас қарыўлар,
Байқас етип қараса,
Узақ-узақ тараўлар,
Саңлақ таппай кириўге,
Ҳайран болды арыўлар.
Ат басындай қулп урған,
Сәккиз қабат бек қорған,
Әскер толған ишинде,
Жүдә тамашалы дәўран.
Ерден ердиң қәўпи бар,
Қаласында отлар сөнген,
Ислери насырға дөнген,
Жанлы жанлар хабар алмай,
Ҳайран болды Гүлайым,
Ҳеш илажын таба алмай.
Қалмақлар хабар табысты,
Тум-тусқа ат шабысты,
Иш-тыстан оқ атысты,
Гүлайым қайнап күйеди,
Қалмақтың хабарласпағаны,
Жулынына тийеди,
Ат шабысып батырлар,
Жол таба алмай бүледи,
Қыран батыр сол ўақта,
Гүлайымдай батырға,
Қарап сөйлей береди:

Басыма салма уўайым,
Баслағай оңға қудайым,
Оның ушын сарсылма,
Шын ашығым Гүлайым.
Мәрт болғанлар ўақтын хошлар,
Душпан өкпеси осылар,
Асықпаңыз Гүлайым қыз,
Жаўларың меннен басылар.
Беккем байлаңыз белиңди,
Солдырма бағда гүлиңди,
Азғана ўақ сабыр ет,
Азат қыларман елиңди.
Тақлай бериң күш-қарыўың,
Басыңа келди дәўириң,
Өз-өзиңди алдырмаңыз,
Сиясат етиң арыўым.
Душпан сағасын тыярман,
Бас-аяғымды жыярман,
Қайғыланба Гүлайым қыз,
Ханыңның желкесин қыярман.
Соны айтып батырың,
Қыздың кеўилин алады,
Гүлайымның белине,
Пота буўғандай болады,
Мына сөзди еситип,
Белин беккем байлады,
Саўашқа өзин сайлады,
Жағалап шеттен айналып,
Қайым жерлер барлады,
Қалаға атлар салайық,
Жаўдан өшти алайық,
Я өлейик, я қалайық,
Бүйтип жатқан болмайды,
Қолдан келе билгенше,
Тум-тусқа ат салайық.
Душпанлардан өш алсақ,
Сол болар бизге ылайық.
Айтқанымды тыңласаңыз,
Атланың тезден халайық.
Гүлайымдай перийзатқа,
Сондай гәпти айтады.
Сол ўақтында Гүлайым,
Қыран батырға,
Мынадай сөз айтады:
— Көрген жанның қурышы қанды,
Талап еттиң беги, ханды,
Сениң менен бизлерге,
Дус қылғай алла аңсанды,
Бирин бири қуўатлады батырлар,
Таслайық қайғы-қапаны,
Көп шектирди халыққа,
Жәбир менен жапаны.
Ҳәр ким ғайрат салғайлы,
Душпанларды жоқ қылып,
Сүрейик заўқы-сапаны.
Тум-тусқа атлар шабайық,
Қаланың аўзын табайық,
Сапластырып душпанды,
Елимизге қайтайық.
Түйинин таўып шешейик,
Қалмақтың қанын ишейик.
Ойран салып ордасын,
Кепин тонын пишейик.
Ғайрат салың жан достым,
Бүлген елдиң ғамы ушын,
Шыбын жаннан кешейик,
Қыран батыр еситип,
Жүдә мақул көреди,
Жабырласып қырық батыр,
Усы сөздиң ҳаққында,
Барлығы ўәде береди.
Жақсылық пенен жаманлық,
Бир қудадан көреди.
Гүлайым сәрдар бас болып,
Батырлар атқа минеди.
Кейнинен ғаўлап ереди.
Көзлери оттай жайнады,
Полаттан суўлық шайнады,
Жәҳәнди кеўили жайлады,
Қәҳәрленип қырық батыр,
Жаўларға өзин сайлады,
Минип атларын жөнеди,
Өз-өзинен тартысып,
Шамасын өлшеп көреди.
Жедел берип өз-өзине,
Күшлерине сенеди.
Тум-тусынан ат айдап,
Дәрўазаға келеди.
Атқа тумар тағады,
Кими атып, кими шабады,
Алмас қылыш кеспеди,
Қанша қарыў салса да,
Батырлар дады жетпеди,
Қыяға бедеў шаппады,
Тумлы-тустан бақлады,
Бул қалаға киргендей,
Батырлар жасқа таппады.
Жигер-ғайрат күши толған,
Халқы ушын қорған болған,
Сол қаланы айналып,
Етти батырлар тас-талқан,
Жигер-күши тасады,
Тум-тустан ҳүжим жасады,
Я ала алмай, я кете алмай,
Бир ярым ай жатады.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Оныншы бөлим
Алдынғы бөлимге қайтыў: Сегизинши бөлим
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.