Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ШАЙЫРЛАРДЫҢ ДИДАКТИКАЛЫҚ ҚАТАРЛАРЫ: СЕЙФУЛҒАБИТ МӘЖИТОВТАН (ShAYIRLARDIŃ DÍDAKTÍKALIQ QATARLARI: SEYFULǴABÍT MÁJÍTOVTAN)

Шойын менен сатылмас,
Қалайылаған жез қуман,
Бир бәлеге тап болар,
Жүйесин таппай сөз қуўған.
Батыр болар баланы,
Шешесинен танырсаң,
Адам болар жигиттиң,
Мүшесинен танырсаң.
Табылған сөзди «дүр» дейди,
Мийрас емес атадан,
Қырғыйдан қашқан боз торғай:
Пана табар путадан.
Жарлының жүдеп сасқаны,
Жалғызын қояр гиреўге,
Жигиттиң қара басқаны,
Айыбын жабар биреўге.
Аяғым ақсақ тулпарман,
Шаппаға арқам қозады,
Арқасы питеў, жалы берик,
Жарыссам ябы озады.
Қәдирли зат дүньяда,
Қәдириңди билген жолдасың.
Муңлыны көрип ашынып,
Қызғанып төккен көз жасың.
Намыс ушын жан қыяр,
Туўған жигит содырлы,
Намыстан өтер нәрсе жоқ,
Намысың жаннан қәдирли.
(Содырлы – дуғымлы, ар-намыслы, батыр жигит мәнисинде)
Емен ағаш қатты ағаш,
Сынбаса басы ийилмес,
Көп жемек пенен тыныш уйқы,
Екеўи бирге жыйылмас.
Адамның бәри биргелки,
Қәсийет пенен шын да бар,
Бийик ақыл терең ой,
Саламат болған жанда бар.
Саламат жасап, саў гезер,
Синаға кеўил бермеген,
Халықтан ҳүрмет көре алмас,
Өз қәдирин билмеген.
Тәме қылма биреўден,
Жасайын десең азапсыз,
Шақырмай барған жериңнен,
Қайтпағың керек жуўапсыз.
Хызмет етсең халқыңа,
Инандыр дәслеп өзиңди,
Бул исиң келсе орнына,
Оннан соң басла сөзиңди.
Ер жигиттиң басында,
Түрли-түрли саўда бар.
Рәҳәтли жайды жәннет дер,
Муҳаббат соның бир гүли,
Миннетли жайды дозақ дер,
Душпанлық соның ушқыны.
Кәрамат қайсы десеңиз,
Сап пикир менен шын ақыл
Ақылға тартып өлше де,
Жупкер келген исти қыл.
Қайтқан истиң белгиси,
Қатарынан болар кем.
Бийкарға өткен өмириң,
Қайғы менен алған дем.
Жигиттиң серли болғаны,
Ғабырыспай жүрсе жолынан,
Көринип бәле келмейди,
Бәлениң бәри тилиңнен.
Адамның парқын билмесең,
Сөйлетип көр, сынап көр,
Парқы сонда билинер,
Ҳалына қарай баҳа бер.
Тарықпай дәўран сүрмеге,
Түрли-түрли себеп бар,
Баҳасы жоқ ғәзийне,
Алтыннан зыят әдеп бар.
Күши бар залым халықты,
Сынлатпақ ушын жылатар.
Әдепли адам өз басын,
Сүйдиргеннен сыйлатар.
Болайын десең мақтаўлы,
Хош қылық пенен әдетлен,
Дәўлетиң таймас өмирде,
Әдеп пенен зийнетлен.
Қошқар болар қозының,
Маңлайлары дөң келер,
Адам болар жигиттиң,
Етек-жеңи кең келер.
Шикәс келсе пәрине,
Қаршыға қалар ушыўдан,
Жигитке келген ҳәлеклик,
Жөнли-жөнсиз ашыўдан.
Орнын таўып көмек бер,
Атың қалар мәңгилик.
Ерте жатып ерте тур,
Бедениң болсын саламат,
Ўақытсыз жатып, кеш турмақ,
Бузылмаға әламат.
Ерликтиң болар ең зоры,
Ата-ананың кеўлин тап,
Тәрбиялап өсирген,
Еңбегин жүрме заялап.
Ийиси сиңер жақынға,
Байқас етсең жупарға,
Сенде сондай ҳәўес қыл,
Жақсыға улпет тутарға.
Жартыўсызы адамның,
Сыр сақламай сездирген,
Оннан жаман бир ис бар,
Өзинен халықты бездирген.
Тынықлық қандай, суўды көр,
Шайпала берсе былғанар,
Былғанса өмир қәдири,
Ақыллы буған ойланар.
Ҳақ жолды тап та айрылма,
Ҳадаллық қалар мәңгиге,
Батыл бир раўаж алса да,
Турақлай алмас соңғыға.
Ойланып билип бабалар,
Сөзди «дүр»ге теңгерген,
Таўып айтқан ҳәр сөзин,
Ойлама «кем» деп гәўҳардан.
Орынсыз келген әжелден
Аралап алған шешенлик,
Ҳақ пенен бар да таўып айт,
Жолдасың болар есенлик.
Жақсы менен жанассаң,
Дәртиң қалмай төгилер,
Жаман менен жанассаң.
Қабырғаң қалмай сөгилер.
Арғымақ аттың белгиси,
Азғана отлап көп жүўсар,
Азамат ердиң белгиси,
Азғана сөйлеп, көп тыңлар.
Жасырған менен көбеймес,
Барыңды журттан жасырма,
Жарлы болсаң ҳаўлықпа,
Көргенсизге бас урма.
Бермеге жомарт болсаң да,
Алғанда қолды тарта тут,
Үстинде турар берген қол,
Илажын тапсаң жәрдем ет.
Жолдан шығар кешикпей,
Бузылғаннан дос тутқан,
Алдын алып, пухта бол,
Алалмас басын бир шатқан.
Бир күни питип жазылар,
Дарыған тыйық жарасы,
Тил жарасы – өмирлик,
Ядыңнан шықпас ызасы.
Кемшиликте кемал бар,
Дәреже табар ийеси.
Мен-менликте заўал бар,
Ақыры тутар кийеси.
Жарамас қыслет көп болар,
Ең жаманы күншиллик,
Бир заман рәҳәт көре алмай,
Өмири өтер женшилип.
Ҳадал кәсип аз емес,
Алыс болың ҳарамнан,
Жақсылықты үмит қыл,
Күлер жүзли адамнан.
Душпаннан пайда жетисер,
Есабын таўып алғанға,
Сыртыңнан сайған миниңди,
Дузей-дүзей барғанда.
Достыңды күтә сайлап тут,
Тиймейди достың зыяны,
Душпанын барма? сыйпанлап,
Бузыққа баслап барады.
Мәнисли сөз баҳалы,
Өзи қысқа өзи жуп,
Бурынғыдан қалған сөз,
«Сөзи көпте қайғы көп».
Жартыўсыз дөрер аўырыўдың
Ақлығы менен шаўлығы,
Тозбас кийим не десең,
Дениңиздиң саўлығы.
Сабыр түби сары алтын,
Сабырлы жетер муратқа,
Асыққан менен ис питпес,
Тағыларсаң ҳәр атқа.
Оразлы жигит ким десең,
Кеўлин табар алғаны,
Сөздиң үлкен мин жери,
Мазасыз узын болғаны.
Жолы бузық адамның,
Иси болмас өзиндей,
Ҳаслы қыйсық ағаштың,
Көлеңкеси де өзиндей.
Жақсылыққа-жақсылық,
Ҳәр кисиниң иси ди,
Жаманлыққа-жақсылық,
Нар кисиниң исиди.
Ҳәр кешениң соңында,
Болғандай жақты бир күндиз,
Ҳәр тарлықтың соңында,
Кеңлиги болар гүмансыз.
Сөзиңди сөйле абайлап,
Сөзден туўар ашшылық
Қайырды өзиң биреўге,
Күсесең күт жақсылық.
Аңлап сөйле сөзиңди,
Қаншелли аўлақ болмасын,
Аржағында дийўалдың,
Тыңлаўшы қулақ болмасын.
«Жанлыға азар болар» деп,
Өлтирмей кетсең жыланды,
Зулымлық қылған боларсаң,
Шақтырып нешше адамды.
Ҳәркимди көрсең көринер,
Масайраған арыўдай,
Өзиниң пикири түп-туўры,
Өз баласы сулыўдай.
Мәрҳамат қылмақ жақсы ис,
Орнын қылмақ жақсы ис.
Бир дәстурхан қасында
Онлаған адам оңысар.
Бир өлимтик үстинде,
Еки ийт неге таласар?
Есигинде малы жоқ,
Жарлының кеўли қурт күсер,
Ис қосжақпас жалқаўлар,
Бузық жолға тез түсер.
Малыңды сарп ет бахыт ушын,
Орнасын соған қумарлық,
Өмирди малға сарп етпе,
Кәмалға келсин адамлық.
Ен жеңил ис дүньяда,
Биреўге қылмақ нәсийхат,
Биреўди сынап мин тағыў,
Оннан да жеңил ап-аңсат.
Шала қойып артыңды,
Тазадан дүнья тапқаннан,
Пайдалы болар қолдағың,
Жоқ етпеген, сақлаған.
Пәҳимлиниң алдында,
Көз көрген затта ибрат бар,
Сөз бенен истиң ишинде,
Нәсияттай бир зат бар.
Ислесе талмас билегим,
Жаўдан қайтпас жүрегим,
Жупкер келсе екеўи,
Питпей қалмас тилегим.
Оң саўсағым бармағым,
Бармағым емес тармағым
Билекке питкен булшық ет,
Талдырмас салған қармағым.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ШАЙЫРЛАРДЫҢ ДИДАКТИКАЛЫҚ ҚАТАРЛАРЫ: АББАЗ ДАБЫЛОВТАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: ШАЙЫРЛАРДЫҢ ДИДАКТИКАЛЫҚ ҚАТАРЛАРЫ: БЕРДАҚ ШАЙЫРДАН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.