Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ШАЙЫРЛАРДЫҢ ДИДАКТИКАЛЫҚ ҚАТАРЛАРЫ: БЕРДАҚ ШАЙЫРДАН (ShAYIRLARDIŃ DÍDAKTÍKALIQ QATARLARI: BERDAQ ShAYIRDAN)

Ойлы жигит жақсы билимпаз келер,
Айтқан гәплерине түсимпаз келер.
Ақыллы адам сөз ертпейди изине,
Шөп салмас ярының ҳәргиз изине.
Жақсының үйине адам көп келер,
Жақсы адам душпанларын күлдирмес,
Қолдан келсе оған дәўран сүрдирмес.
Ғош жигитке қостар болса елаты,
Күн-күннен артады оның қуўаты.
Мәрт жигитлер халық исине тақ турар.
Жақсы адам сөз мәнисин аңлайды,
Жаман адам пасық сөзди тыңлайды.
Жақсы адам жағар шийрин жаныңа,
Жаман адам бояр қызыл қаныңа.
Жаманларды журт жек көрер пейли ушын.
Залымнан ул туўса атаға тартар,
Күн санап гәззаплық ҳиқмети артар.
Жөнсиз қырық күн қайғы уўайым шеккеннен,
Ден саўлықта бир күн шадлық жақсырақ.
Жумыс исле туўылған соң ел ушын,
Жаныңды аяма елде ер ушын.
Ер болсаң елиңди бақла,
Елдиң берген дузын ақла.
Достың сырын беккем сақла.
Пейлиң кетип нәпсиңди ашпа,
«Малым бар» деп толып таспа,
Жарлыны аяққа баспа.
Қолыңды үзбе ел-елаттан,
Қашық жүрме жаманаттан.
Парқы болар сөз дегенниң,
Нырқы болар бөз дегенниң,
Халқың болсын излегениң.
Жаманларға сырыңды айтпа,
Келген жерде сөзден қайтпа.
Көпти қасыңнан қашырма,
Барыңды «жоқ» деп жасырма.
Ойланбастың түби ойран,
Ақыры бир күн болар ҳайран.
Басыңды қос жақсы досқа,
Дос таппай ҳәм жүрме босқа.
«Жалғызбан» деп жалтаңлама,
«Көппен» ғой деп талтаңлама.
Ата-ананды қәдирле,
Өлгениңше жақсы сөйле,
Мал тапсаң торқаға бөле.
Молла болсаң илимди тут,
Жалғыз өзиң болмайсаң журт.
Дос болсаң сондай бол,
Геўде де шийрин жандай бол.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ШАЙЫРЛАРДЫҢ ДИДАКТИКАЛЫҚ ҚАТАРЛАРЫ: СЕЙФУЛҒАБИТ МӘЖИТОВТАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҲӘКИМШИЛИККЕ ҚАРСЫ ДӨРЕТИЛГЕН НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.