Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Жаза қурық (Jaza qurıq)

Дүньяда яратқаннан басқаның бәри жаңылысады екен. Ҳәтте Әзирейлиде! Социализмниң дәўлети гүрлеп турған бир пайытта Әзирейлиниң қәтеси менен үлкен бир заводтың директоры дүньядан өтипти. Жазмыштың биз билмейтуғын нызамлары бойынша бундай өлилер «жаза қурық түскен» деп есапланып, қайтадан тирилтип жибериледи екен. Лекин, о дүньяның ислери де мудамы тақ-туйнақтай бола бермейтуғын қусайды ғо. Бул сорлының ҳүжжетлери көп қағазлардың арасында қалып, он бес жылдан кейин қәте өлгени мәлим болыпты,

Яратқан оны тирилтип жиберип, үйине келсе, баяғы сарай орнында бар дә, бирақ, иши ҳүўлеп қалған. Өзи өлгенде жети жасында қалған Азберген ғырыстай жигит болыпты. Бирақ, үсти-басы жупыны. Үйде басқа ҳеш ким жоқ. «Әкеңмен» дегенге баласы инанбай, бир күн аўзы көпирип, зорға исендирди.

— Үйдеги дүнья-мүликлер қаяққа кетти? — деди соң баласына.

— Ҳәммесин мамам айланысқа сатып жоқ қылды.

— Айланыс деген не?

— Саўдаға пул айландырыў. Зат әкелип, зат сатады.

— Ақмақ! Енди бизиң теңимиз саўдагершилик пе еди? Өзи қаяқта?

— Еки жыл болды, саўдагершиликке барып жүрген жағында биреўге тийип кетти.

— Ох, опасыз сениң? Әжапаң қайда?

— Лицейге келген муғаллимлердиң биреўине турмысқа шығып кетти.

— Неғылдейди? Түрклер неғып жүр бүйерде? Шегарадан қалай өткен?

— Ҳәзир оңдай, шегарадан өтиў деген машқала жоқ. Түрклер бизде бала оқытып атыр.

— Үх-х! Мен түсинбедим.

Тирилип келген ҳәмелдар өз үйинде қайта-қайта гүрсинип, арман-берман жүрди.

— Яқшы, менин партбилетимди алып шық, райкомға барып келейин, деди соң.

Бала әкесине қарап аң-таң болды.

— Партбилетиңизди мамам мусорға таслап жиберген.

— Не?! — Тирилип келген ҳәмелдар шеп көкирегин услаўы менен бирден ларс етип қулады.

Бул ирет Әзирейли алжаспаған еди.


1996-жыл


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Қосымша сораў
Алдынғы бөлимге қайтыў: Исенимли мағлыўмат
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.