Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БАРДЫ (BARDI)

Урыўым – Қоныратдур, миллетим – қалпақ,
Кенегес, манғыты, қытайы-қыпшақ,
Туўысқан дейдилер қалпағы-қазақ,
Он төртке бөлинген урыўым барды.

Бир ели – Хорезм, бир ели – Туўран,
Үргениш, Қоңратыў, шәҳри Самарқан,
Кәрўанлары барур Бухар, Аштархан,
Не бир сулыў-сулыў шәҳәрим барды.

Сизиң жақтан көркем аның даласы,
Қабат-қабат салынғандур қаласы,
Көкбарыў-ылаққа кеңдур арасы,
Қөкбар, ылақ ойнар йигити барды.

Бизиң елди он төрт урыў дийерлер,
Қыз-жаўаны қызыл-яшыл кийерлер,
Ҳайтта, тойда ат арбаға минерлер,
Небир гөззал сулыў қызлары барды.

Қыз-жигити жуўап айтар дәсме-дәс,
Кийген кийимлери атласыў-липас,
Астыға төсенер мешҳедий палас,
Шаҳсанем, Шийриндек қызлары барды.

Кәтиплери алар китап, қәлемин,
Бир-биринә берүр тәңир сәлемин,
Хожа Ҳафыз, Наўайыдан сабағын,
Алан нешше алып, кәтиби барды.

Үш ай шабағы бар, үш ай саўыны,
Үш ай қабағы бар, үш ай қаўыны,
Төрт мәўсимә етар аның таҳамы,
Небир шийрин-шийрин жемиси барды.

Бири сүтилмекдур, бири әтшоқай,
Собығын жесеңиз шекер әселдей.
Жамбылша, қаўыны, шийрин пәшектей,
Жылына үш писер мийўасы барды.

Бас қала дийерлер әййемде Туўран,
Иба-иззет билән қылады мийман,
"Келгинди" деген ат бизгедур жаман,
Қытай, Қонырат атлы еллерим барды.

Жәйҳун, Сайхун еки дәрья арасы,
Түп сағамыз бир кисинин баласы,
Әнес, Мәлик – еки елдиң арасы,
Аты қарақалпақ еллерим барды.

Бизиң елге ерте келур бәҳар-жаз,
Ғанқылдасып қуўы-ғазы салар саз,
Бул баязды язған молла Ҳәжинияз,
Зийўардың гирдели еллери барды.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АНАЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЙУРСЕҢ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.