Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЯРАНЛАР (YaRANLAR)

Үйден шықтық шәҳәри Хийўа бәзим етип,
Қоңырат қаласына бардық, яранлар,
Қалмен келди базар жайда еситип,
Дәрья арқасына өттик, яранлар.

Қалмен, Жәлмен бизге қарамай кетип,
Жаман ябы билән дарғадан өтип,
Дәрьяның ләбинде изинен жетип,
Үш күн жолдас болдық бирге, яранлар.

Үшеўимиз соншама жоллардан өтип,
Намазшам ўақтында Өгизге жетип,
Бәримиз ойласып бир қыял етип,
Баймақлы елине бардық, яранлар.

Хожанияз қанқының үйин сорағлап,
Ақбаўлы бир үйге тарттық қараўлап,
Ҳәр ким өз атыны арбаға бағлап,
Үйге таман қәдем урдық, яранлар.

Үйден шығып ҳеш ким хабар алмады,
"Сизлер кимсиз?" – деген саўал болмады.
Енди турарлықтай тақат қалмады,
Ишкериге кирип бардық, яранлар.

Ол үйде бар екен, бир еки жанан,
Кирпиги оқ киби, қашлары кәман,
Кийген кийимлери мисли зағпыран,
Қозғалып орнынан турды, яранлар.

Бизлерге наз етип, қашыны қақып,
Дүмшеге суў қуйып, отыны яқып,
Әдеп-икрам билән отырды бақып,
Ғуншадек ашылып күлди, яранлар.

– Жигитлер, айып етпең, урыўыңыз кимдур?
Ағаңыз ким ерур, бийиңиз кимдур?
Рәйис ҳәм қазыңыз, муфтыңыз кимдур? –
Дейип, бизден саўал сорды, яранлар.

– Урыўымыз сорасаң, сандаўлы – қонырат,
Ағамыз Әўезбий, кәтқуда Самурат,
Рәйисимиз Тоққыздур, қазыйул ҳажат, –
Дийип, оған жуўап бердик, яранлар.

Атқа от болмады, меҳмана – зийнет,
Ол үйде болмады бизге ҳеш ҳүрмет,
Улық-киши бизден пәндиў-нәсийҳат,
Баймақлы елине қонбаң, яранлар.

Таң азаннан ҳәмме атқа ер қойып,
Мәзи асқатықсыз гөжеге тойып,
Зәбд етип, атларды қамшылар сойып
Қарабайлыға да жеттик, яранлар.

Алыстан көринди бир еки қара,
Изинен жетистик шабыса бара,
Сорасып қарасақ, Кенегес бийшара,
Қойшы екен, барып билдик, яранлар.

Үйинде бар екен бир еки қызы,
Бири қызыл гүлдур, бири қырмызы,
Буў кеше Қалменниң айы-жулдызы,
Қәлмен аны көрип янды, яранлар.

Шул күн атқа өз мәйлинше жем берип,
Сүйлинли палаўды жедик дем берип,
Шады-қоррам болып, атты менгерип,
Хийўа шәҳәрине кеттик, яранлар...



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БИЛМЕДИМ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ӨЗ ЎАҚТЫМДЫ ХОШ ЕТЕРМЕН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.