Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БАРДУР (BARDUR)

Беглер тәрийп етсем қалпақ йуртыны,
Хуп әжеп тамаша еллери бардур,
Ариф болып ҳақ йолына еришкен,
Мүршидиў мүкәммәл пирлери бардур.

Қыры дийқаншылық, суўы-сәмәкли,
Ҳәр жерде кәни бар көрсең нәмәкли,
Ғазлы, қасқалдақлы, көли-өрдекли,
Йери мурғызарлы көллери бардур.

Бардур қыз-жаўаны қашлары кәман,
Йузин таққас етсең ҳүршийди табан,
Аны көргенлердиң ақлыны алған,
Ләйли, Зуләйхадай ҳүрлери бардур.

Қыз-жаўаны бардур әдеп-икрамлы,
Сәдептен дәндәнлы, күштек дәҳанлы,
Шийрин шекер сөзли, сүшик зибанлы,
Сәнем киби қыпша беллери бардур.

Бардур перийзады алма янақлы,
Леби пистә шәкәр киби додақлы,
Қумар ала көзли, бадам қапақлы,
Зүҳрә киби сүшик тилләри бардур.

Алма көз әреби атдур мингәни,
Көйләкшәси зәрбап, алтын йүгәни,
Пайтабасы үштоп, атлас кийгәни,
Бай уғлы байбәтше беглери бардур,

Йигит гезер даўам қыш билә язы,
Әреб атлар минип әлгинде базы,
Изинде қулақы, шашақлы тазы,
Сағрысында зәрбап жүнлери бардур.

Йигитлери бардур Рүстем сыпатлы,
Горуғлыдек әреб атлы, ҳайбатлы,
Дәўлетиярдек шүжәәтли, ғайратлы,
Кескир қылыш, қамар тонлары бардур.

Йигитлери бардур Рустәми дәстан,
Қаҳәр етсә, душманны қылырлар йексе,
Хайбатыдан дитрер Хажар, Ҳиндистан,
Гөруғлыбек киби ерлери бардур.

Баҳадуры бардур йүзге сәра-сәр,
Худадын өзгәдин қылмас қаўәтәр,
Йүз йигитке, тәнҳа өзи барабар,
Ҳәзирети Әлий киби шерлери бардур.

Искәндәр Зулхарнайын киби дәўранлы,
Ҳәзирети Сүлейман киби пәрманлы,
Данышманд нүктәдан шийрин зибанлы,
Молла Мамут деген беглери бардур.

Мингени әреб ат мойны ғылшақлы,
Жүнлери зәрбаптан алтын шашақлы,
Мөҳир бар қолында тилла пышақлы,
Арзы аталық деген беглери бардур.

Бир күнде атлас тон кийен мың әлўан,
Рақиблерә салған қайғыў ғам думан,
Бир күндә йүз тилла ўазыйпа алан,
Сержан найып деген беглери бардур.

Артық бийи, Шамурат йәнә Қарлыбай,
Қалмәмбет, Ермамбет, Ҳәсен, Абылай,
Төренияз бий және Ҳәким, Нурлыбай,
Бели ақ пышақлы беглери бардур.

Бажы-хыраж алур Жәмшит, Хираттан
Ташкент, Жангент, Дижлә, Ходжент, Пираттан,
Атының қазығы беш йүз манаттан.
Қабыл беглер беги беглери бардур.

Төремурат бийиў, Сапарниязы,
Қәдирберген, Садық ҳәм Абылғазы,
Айтса әда болмас Ҳажыниязы,
Бес жүз мөҳирдарлы бийлери бардур.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БОЛАДЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ДӘЎРАН БОЛМАДЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.