Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ХИЙЎАЛЫ ҚЫЗ (XÍYWALI QIZ)

Аға, беглер бир қыз көрдим,
Ҳаслын сорасаң Хийўалы қыз,
Ақ йўзи айдек мунәўўәр,
Ҳүсни жамалы әғла қыз.

Қөксинде бар жуп анары,
Билмән өзи кимниң яры,
Мойнында алтын тумары,
Болғанлықтан баҳалы қыз.

Шолпан туўар, таңда атар,
Сәўлеси әлемни тутар,
Мен билмәнем, кимге бақар,
Қара қашлы Хийўалы қыз.

Дерсең өзи таң йўлдызы,
Жаныңды алар қара көзи,
Ядтан шықмас айтқан сөзи,
Лақабы аның – Хийўалы қыз.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: НЕГЕ КЕЛМЕДИҢ?
Алдынғы бөлимге қайтыў: БАР ЕНДИ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.