Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҚЫРМЫЗЫ (QIRMIZI)

Бир қыз көрдим Ислам шаҳның елинде
Қөрсең юпқа додақлары қырмызы.
Қызы мусылмандур ҳақның йолында,
Сом-сом алтын шашбағлары қырмызы.

Бир мәҳитабандур қырмызы бәден,
Ышқында зар болды аның көп надан,
Сашы сумбил киби, тиси әнжиман,
Алма киби яңғақлары қырмызы.

Ол жанан бағында бардур бир қәпес,
Қудайым қылмышдур оған бир нәпес,
Жаҳанға ҳеш келмес ондай зәбердес,
Қашы қәлем, қабақлары қырмызы.

Жерлер ләрзем берер жолға шыққанда,
Таўларда жол берер күлип баққанда,
Сырға салып, тиллә ҳәйкел таққанда,
Аны салған қулақлары қырмызы.

Бирнешени сусты менен өлтирген,
Жилўа әйлеп өлтиргенин күлдирген,
Салланып жүргенде жолны толтырған,
Қәдем басқан аяқлары қырмызы.

Тилладан геўиши, кийгени атлас,
Аны көргенлердиң бәршеси талўас,
Өзи ҳәм болмышдур қырық қәнизге бас,
Бастан аяқ сияқлары қырмызы.

Сәҳәр турып өзи зулпын тараса,
Ҳайўан қаслап қия салып ораса,
Айна алып ақ жүзине қараса,
Түрмесиниң шашақлары қырмызы.

Көрсең ақлың алар шийрин сөз билән,
Жылўа қылур, қылық етип наз билән,
Әрман йоқ шырмалса алма көз билән,
Саўдагердек төсеклери қырмызы.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МҮНӘСИП
Алдынғы бөлимге қайтыў: НӘБИЙРАҒА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.