Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БИЙБИГҮЛ (BÍYBÍGÚL)

Қуда ҳәмири билән дүньяға келдиң,
Заўқы-сапа дәўран сүрдиң, Бийбигүл,
Серлеп яқшы билән яманды билдиң,
Ақлы кәмил, саҳип-тәмиз, Бийбигүл.

Аннан соңра түстиң йурттың көзине,
Тәрийп болдың шайырлардың сөзине,
Бул ялғаншы паний дүнья жүзине,
Жекке сен бир өзин келдиң, Бийбигүл.

Атаң аталықты, атың Бийбигүл,
Зибаның шийриндур, йүзлериң гүл-гүл,
Анаң – Хатирадур, жеңгениз – Айгүл,
Мәжнүн етип ақлым алдың, Бийбигүл.

Алтын қос билезик барды дәстиндә,
Көргенлер хызметкер пайыў-пәстиндә,
Күнде той-мереке болур үстиндә,
Саҳрада бир шәҳри-әзим, Бийбигүл.

Қостамғалы, қолдаўлыны сәрәпраз,
Жүрип көрдим көп еллерде қысыў-яз,
Кийгенлери ласты реңбе рең бияз,
Ҳеш бири мегземес саған, Бийбигүл.

Дүньяда жанан көп, емести халы,
Ҳәр бир қызлар ҳүр-пәрийден ийбалы,
Метер қызы таза, мәҳрем хийўалы,
Бул ҳәм сендей емес, лапты Бийбигүл.

Көрген арзы шекер, көрмеген ҳәўес,
Керсен жан жисмиңди әйлейди қәпес,
Бегликти жай қылды маңғыт-кенегес,
Ишре сендей жанан йоқты, Бийбигүл.

Өзиң дана болдың ҳәм ақылың кәмал,
Бәршениң сулыўы ай жүзли жамал,
Атқа шыққан ақ маялы Айжамал,
Ол ҳәм сендей емес, лапты, Бийбигүл.

Қазалы бир қала, Орынбор анда,
Ақлым алды тәрийпиңди язанда,
Қырық мың үйли ноғай, шәҳри Қазанда,
Табалмадым сендей қызды, Бийбигүл,

Болғанды йәне көп ноғай шәҳари,
Оларды жоқ қылды урыс қәҳари,
Сен ерурсәң мисли сәдеп гәўҳары,
Дүньяға бир өзиң келдиң, Бийбигүл.

Сөзи шийрин-шекер ләбинде қалы,
Аны көргенлердиң кетер қыялы,
Ҳайтта, мерекеде қызлардың ханы,
Дүньяда бир өзиң болдың, Бийбигүл.

Яр дәўраны әйне он төрт яшында,
Ҳәрким ойнап-күлер теңи-душында,
Айтар Зийўар яр саўдасы башында,
Заманында атқа шықтың, Бийбигүл.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ТҮШТИ
Алдынғы бөлимге қайтыў: КЕЛДИМ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.