Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БОЗАТАЎ (BOZATAW)

Кетер болдық енди бизлер баш алып,
Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў,
Хошласалы қара көзге яш алып,
Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў.

Жер ҳәм ел билендур, ел ҳәм жер билен,
Жерсиз елдиң күни дәрба-дәр билен,
Өмири өтер жүректеги шер билен,
Қәдириң сениң бизге өтти, Бозатаў.

Йоқ едим, бар болдым, кәмала келдим,
Минип әреби атлар, дәўранлар сүрдим,
Наныңды көп жедим, рәҳәтиң көрдим,
Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў.

Неше ўақ жақсыға ҳәм сәҳбет болдым.
Шады-ҳуррам болып, ойнадым күлдим,
Душпанлар жәбридин кетермен болдым,
Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў.

Сен бағ едиң, бүлбил ушты, зағ қалды,
Пүткил сийнем жанды, иште дағ қалды,
Қыйсық Порқан аман, сени жаў алды,
Басы қутлы соны ўәйран, Бозатаў.

Кимсениң анасы, кимниң әммеси,
Кимсениң ағасы, кимниң иниси,
Кимсенин қыз-уғлы, кимниң сиңлиси,
Әтирек, Гүрген, Хажар асты, Бозатаў.

Қимсениң қыз-уғлы, арзыўлы яры,
Кимниң қашы қара, көзи хуңқары,
Әсир болып, телмирисип ҳәр сары,
Йықлап ат алдына түшти, Бозатаў

Атадан айрылды ғулпақлы уғлан,
Сатылды, ҳур басын әйледи ғулам,
Кимлер Ирақ кетти, кимлер кетти Шам,
Кимселер Гүрд, Теҳран түшти Бозатаў.

Кимсениң қардашы, уғыл ҳәм қызы,
Тутылды күн билен айыў-йулдызы.
Ҳәрир атлас кийген кимниң ялғызы.
Залымар әлгине түшти, Бозатаў.

Қара көз, қыпша бел қыз билен жаўан.
йүзлери гүл киби, көзлери мәстан,
Қуда әмири билен бардылар Балқан,
Дәўлет қушы сендин ушты, Бозатаў.

Кирпиги–оқ, анық қашлары–кәман,
Йүзлери–қырмызы хуршийди табан.
Ләйли–Зүләйхадек не гөззал жәнан,
Әсир болып қолға түшти, Бозатаў.

Сәҳәр ўақта қырлы дүпең атылды,
Бенде болып түштим, қолым шатылды,
Пәрийдек қыз шоры болып сатылды,
Қәнийзлик башына түшти, Бозатаў.

Қала бузып түркмен бағрым дағлады,
Кимсени дүпеңлеп, кимди бағлады,
Сенде кеп мусылман үғлы йығлады.
Башыңа қыямет түшти, Бозатаў.

Кимсе шәҳийд болды, жандын айрылды,
Кимсе гәда болды, малдын айрылды,
Кимсе көзи қүнқарыдын айрылды,
Башына қыямет түшти, Бозатаў.

Тәғдир–алладандур, себеп –Қоныраттан,
Бийрәҳим Сейилхан деген елаттан,
Айра түштиң ашамайлы-қыяттан,
Елатсыз, жайлаўсыз қалдын, Бозатаў.

Ер йигит башына мүшкил ис түшти,
Жүрек бағрым ғамның отына пишти,
Елатын үстиңдин серпилип көшти,
Хош аман, бол, бизден қалдың, Бозатаў.

Көзим яшлы, мен кетәрмән, шарам йоқ,
Бир қудадан басқа пушты-панам йоқ,
Ҳәмме кетти, сенде турар адам йоқ,
Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў.

Қала басы болдың сен молла Пирим,
Өзиң тәлип-илим, көңлинде кириң,
Қонырат балаңды алса, ол ҳәм өз бириң.
Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў.

Мәмбетмурат дийўанбеги қул болды,
Жан-ийманы, муддаҳасы пул болды.
Ел қарап болмаққа себеп шул болды.
Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў.

Зийўарың хошласар қәдириңни билип,
Көзини яшартып, бағрыны тилип.
Аман болса, ҳал сорасар бир келип,
Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АЙТЫСЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ПОЭМА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.