Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

КЕРЕКТИ (KEREKTÍ)

Адамды жаратқан қәдир қудайым,
Бендеңе тәўекел рәҳим керекти,
Панаҳыңда қуп сақлаңыз илаҳым,
Бир басқа бир өлим болса керекти.

Мен өзим йығлайман рәҳим ет дийип,
Ойлаған ой мақсетиме жет дийип,
Жол болғызып шадыманлық ет дийип,
Бир басқа бир саўда болса керекти.

Заманның пәсенти жыл-жылдан бетер,
Ҳәрким биле-билсе қорыққанын күтер,
Патша, беглер ҳалыққа қысымын етер,
Буған қашан зәўлим болса керекти.

Бенделер ҳәсиретте, қайғыў-ғәплетте,
Бир теңлик деп бирнешелер үмитте,
Қудайым қалдырма қайғы-ҳәсиретте,
Бир басқа бир саўда болса керекти.

Ақыллы бол адамларға көп сардар,
Ойлан, болмас иске сен болма қардар,
Халықты йығлатса бирнешше мурдар,
Залым иси раўан болмас керекти.

Бул дүньяға келген менен өлерсең,
Өлмесең ақыры нәўбет көрерсең,
Ҳәм пасент ғәплет пенен жүрерсең,
Бир басқа бир саўда болса керекти.

Дүньяға шыққан соң шалқып жүриўге,
Жақсы-жаман, заўқы-сапа сүриўге,
Шады қуррамлықты бәлки көриўге,
Халық билен ғалаба ғайрат керекти.

Адамлар ҳәрдайым көтерер басын,
Көзиниң сүртерге халық билен жасын,
Күш келтирер, ҳуш келтирер ықласың,
Ғалаба атланыс болса керекти.

Зийўар шеккер бул айтылған сөзине,
Асығыста айтты керек сөзини,
Мақтанғандай бул қағаздың жүзине,
Тәрип етип айталмаса керекти.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БОЛМАС
Алдынғы бөлимге қайтыў: НӘСИЙҲАТ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.