Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БОЛМАСА (BOLMASA)

Яранлар, бир сөзди айтайын сизге,
Йигит гезә билмәс йошы болмаса.
Ақыл болсаң пәҳим әйле бул сөзге,
Неге гезсин, кеўил хошы болмаса.

Мәрт билән нәмәртни айырар саўаш,
Саўаш майданында керек қарындаш,
Шул майданда жаның кетсе геўде лаш,
Мәрт йигитниң мәрт қардашы болмаса.

Баҳадырлар алла дийип ат салур,
Нәмәрт йигит шаппай майданда қалур,
Ислам дийип жаўға қылышын урур,
Қылыш кесмес, ғайрат-күши болмаса.

Ғош йигиттиң минген аты айланур,
Аны көрип мәртниң кеўли шайланур,
Алғаныңның зыя-зулпы таўланур,
Зулп ярашмас, қалем-қашы болмаса.

Йигиттиң шийрин тил ҳаялы болса,
Үйине қыдырып, меҳманы келсе,
Алғаны салланып барыны берсе.
Меҳман күтсе, башқа иси болмаса.

Ақылы яқшының гийнеси болмас,
Яман адам гийне тутса умытпас,
Атқа минген билән кәтқуда болмас,
Йурттан асқан ақыл-ҳуўшы болмаса.

Ҳәр ким суўпы болса, нәпси кем болур,
Кеўли өлип, халый жайда гүм болур.
Нәпси өлмесе йигит билән тең билур,
Йәнә таат–ибадаты болмаса.

Йигит нәсийп шегип, ят елгә барса,
Анда барып шәкәр билән бал ишсә,
Ағайын-қарындаш ядына түшсә,
Найләж йүрүр тени-досы болмаса.

Ҳақ бәзиргән йолға шықса ярашар,
Күн-түн сегбир тартып дағ, шөлден ашар,
Базы ўақта кәрўан йолдан адашар,
Йолын билген кәрўан башы болмаса.

Мәртте ат болмаса атша жуўырар,
Өзинде йоқ болса, түшип ким берәр,
Теңиниң ишинде өлгәндек болар,
Айтта-тойда минәр аты болмаса.

***
Тахт үстинде туран әдил султанлар,
Бир байша йоқ сорар ели болмаса,
Йүрәкләри ат башыйдек батырлар,
Қатынша йоқ ат ярағы болмаса.

Моллалар хун чекип хатларын язар,
Бойнында фотасы дәрўиш ел гезер,
Баш-башына болып пухара тозар,
Ҳәр йуртның патшасы әдил болмаса.

Қудайым сақласын залым патшадын,
Тиләкиңни тилә қадир қудадың,
Аўам яхшы мүндағ молла-хожадын,
Қалем йонып язар хаты болмаса.

Неләр болғуўсыдур, бу шын кеўиллер,
Қазан үрса солар ғуншалы гүллер,
Шәменлерде сайрап турған бүлбиллер,
Торғайша йоқ, қонар гүли болмаса.

Бу сөзни айтайын, ағалар, беглер,
Сөз сөйлесем, сөзге дүшмес гөдеклер,
Ушып йүргән қуўы-ғазы өрдеклер,
Ҳалы қарап, дүшер көли болмаса.

Ақыр бир күн болур ақыр заманы,
Исрапыл сүргини йықарлар дағны,
Қыран қуслар көрсе ушпаслар аңны,
Туў қуйрығы қос қанаты болмаса.

Ақыйрда яқшыдан пығыллар қашар,
Қағаздың йүзидән қалмай хат өшәр,
Ябандағы суўсыз арыққа уқшар,
Ҳәр кимниң саҳаўат қайыры болмаса.

Жақсыға мал менен жаман тең болур,
Жаман көңил жақсылардан кем болур,
Ер жигитлер өз теңинен кем болур,
Айдар малы, минер аты болмаса.

Дүньяда Зийўардай дәртли киси йоқ,
Бийдәртлердиң аның билән иси йоқ,
Жалғаншыда зәрре көңил хошы йоқ,
Яры үлпет бирәдары болмаса.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МЕГЗЕР (Қыял етсем)
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚӘДИРИНӘН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.