Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҚАЛ ИМДИ (Әжинияздың баласына айтқаны) (QAL ÍMDÍ (Ájiniyazdıń balasına aytqanı))

Йығламағыл қара көзге яш алып,
Жаным үзрә, сәўер қозым, қал имди.
Мен кетәрмән, дүнья ушын баш алып,
Зибан үзрә, сезлер сөзим қал имдн.

Сәргиздан йуртына қылдым ирадә,
Қудайым еткүргей мақсуд-мурада,
Ата-анаң ҳаққында болып дуғада,
Сәўер қозым, ағламайын қал имди.

Тәўекел әйләйүп қылмышам сапар,
Үмийдим көп әрүр тапқайман зәфәр,
Қудайым сақласа йоқдур ҳеш қатәр,
Көрер көзим, ағламайын қал имди.

Мән кетәрмән, қозым балам, йығлайып,
Әлиме сәўталып, бағрым дағлайып,
Атаңны ертеме, қозым, ағлайып,
Сөзлер сөзим, ағламайын қал имди.

Сән ағласаң қозым, көңлим бузылур,
Жисмим ота күйип бағрым езилур,
Әзиз тәнде шийрин жаным үзилүр,
Көрпе қозым, ағламайын қал имди.

Қудайым өмириңни қылғай зыяда,
Хоры зар етмәгәй еки дүньяда,
Мән кетмишәм узақ йола пияда,
Нәғметилла, ағламайын қал имди.

Алты айлық арқаға кетәрмән йайағ,
Игнимде қоржыным, әлимде таяқ,
Аллаға тапшырдым, уғлым әлўидағ,
Бел мәдарым, Нәғметилла, қал имди.

Сән ерүрсәң көрер көзим рәўшаны,
Бағы бостанымның таза гүлшәни,
Аллаға тапшырдым уғлым мен сәни,
Мәлүл олып, ағламайын қал имди.

Көзимниң рәўшаны, жаным, әй уғлым,
Сәргизданны қәҳиш еткен бу көңлим,
Иншалла, келүрмән, етмесе өлим,
Бойның бурып, ағламайын қал имди.

Сени тапшырмышам, уғлым аллаға,
Тәкие қылып, ялбармышам қудаға,
Сән ушын кетәрмән мал деп арқаға,
Жигер-бандим, ағламайын қал имди.

Хош аман бол, Нағметилла, бир қозым,
Көңлимниң қуўанышы жигерий-бәндим,
Мунда турай десем йоқтур илажым,
Қанлар йығлап, ағламайын қал имди.

Кетер сәргиздана Ҳажыниязы,
Аманда болғайсаң көңлим қуўанышы,
Белимниң мәдары, башымның тажы,
Сәўер қозым, Нағметилла, қал имди.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: НАҒМЕТИЛЛАНЫҢ АТАСЫ ӘЖИНИЯЗҒА АЙТҚАНЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ӘЖИНИЯЗДЫҢ ГҮЛЗАДА МЕНЕН ХОШЛАСЫЎЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.