Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ (QARAQALPAQTI KÓP MAQTAMA KÓZÍMShE)

«Бир халық көрдим, жүреги, Көринер қабырғасынан». (Михаил Луконин)
Қарақалпақты көп мақтама көзимше,
Қармаққа тез қабатуғын балықпан.
Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше,
Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан.

Бул кисини көзге мақтаўдан көре,
Пайдалырақ минин таўып сөккениң.
«Қарақалпақ жақсы халық» дегенге,
Бабам шешип берип кеткен шекпенин.

Жалғыз атын сойып берип қонаққа,
Жаяў қалып бул халық талай тарыққан.
Соны айтып, мақтайғойсаң бирақта,
Одан да зорын көрсететин халықпан.

Беглиги көп йошып кетсе бу халық,
Дәстанларды қойдай дизип матаған.
Ҳәмме халықты қарақалпақтан шығарып,
Өз тарийхын баслар Адам атадан...

Мийнет десе жең түринген палўандай,
Арбаға таў тийе десең тийеген.
Дослық десе жулдыз таўып алғандай,
Халқымның ақ көкирегин сүйемен.

Жек көрсе ол, «жек керемен сени» деп,
Саған барып айтпағанша тынбайды.
Бир пул тапса, «бай деп санаң мени» деп,
Есип жумсап қуртпағанша тынбайды.

Сумлық қылса сыр алдырар баладай,
Кеўилшеклик минезине күйемен.
Ал енди оның кең жазийра даладай
Азаматлық кең пейилин сүйемен.

Тайын мақтап, атын минсең, – сынамас,
Мен бул халықтың минезине қанықпан.
Кеўлим мениң Жәйҳүн менен сағалас,
Сәл нәрсеге йошатуғын халықпан.

Жыллы сөз еситип көрмей жасында,
Өгей өскен бала кәмалға келди.
Ленин берген дәўлети бар басында,
Мақтанарлық жағы көп оның енди.

Жақсы сөзге жан семирер деген бар,
Хошеметке ҳәр ким ҳәўес өзинше.
Сондадағы өтинемен, адамлар,
Қарақалпақты көп мақтамаң көзимше...

Январь, 1974-жыл.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ПАХТА
Алдынғы бөлимге қайтыў: ДАЛА ГҮЛИ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.