Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Қанатсызлар (Qanatsızlar)

Қыя-қыя жерлерде,
Қыйма султан опырар,
Тырнақлары гүмистен,
Қыйма келип отырар.
Қурбақа
Сасық көлде ийт үрер.
Қурбақа
Сәрҳаўыздын басында,
Бәйбише кербаз отырар.
Қурбақа
Тарбан-тарбан тарбыйған,
Түри жаман жарбыйған.
Қурбақа
Беллен-беллен, беллен ат,
Бели қайқы гүрең ат,
Таўға қарай өрлейди,
Таўдан қулап өлмейди.
Қумырысқа
Бир жәнлик жаны бар қыймылдайды,
Жүргени жер жүзинде билинбейди,
Мәҳәли келип турар бир ўақытта,
Өмири тамам болар гүз болғанда.
Қумырысқа
Шығады бир шәҳәрден қырық мың қосым,
Болған соң өзи жарлы неси болсын,
Ел шаўып жетим-жесир қылмаса да,
Таўып жүр өз ҳалына несийбесин.
Қумырысқа
Желлен-желлен, желлен ат,
Бели байлы гүрең ат,
Ҳай заңғардық жүриси,
Дизбеклесип шабысы.
Қумырысқа
Жол бойында майлы қуўырмаш.
Қумырысқа
Жер астында жездемниң аты киснейди.
Бузаўбас
Тап-тап, тап атым,
Тапылдайды боз атым,
Қара қула басқа атым,
Аллаҳума озаған,
Жекен түбин қазаған,
Қамыс ушын отлаған,
Жекен түбин тоқыған.
Бузаўбас, бақа
Қырда ескек еседи,
Патас жерди гезеди,
Шыбын-ширкей шоқыйды,
Шаңнан аўын тоқыйды.
Өрмекши
Жумбағым бар жупбийке,
Аяқлары он еки,
Қумар ала көзи бар,
Қуйрығының меңи бар.
Мий
Айтаман мен бир жумбақ қудашама,
Еситпес ол жумбақты унамаса,
Өзиниң сүйеги жоқ денесинде,
Сыртында бар буўыны он-он есе.
Есек қурт
Мен бир қус көрдим исми ҳәрип,
Киятыр қарны жерге сүйретилип.
Кене
Аяғы буўын-буўын сарғаяды,
Қызыл қыя қумларды аралайды,
Өзи қурттай болса да сондай батыр,
Тумсығы тийген жерди жаралайды.
Кене
Бир ийтим бар қызық,
Қуйрықлары сызық,
Еле келсе көрерсең,
Күле-күле өлерсең.
Шаян
Қос мүйиз төбесинде қарасаңыз,
Аяғы сегиз, мурты еки барласаңыз,
Қыс кетип жазда келеди аңласаңыз.
Шаян


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӨСИМЛИКЛЕРГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: Қанатлылар
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.