Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Әдил қалмақ (Ádil qalmaq )


Тәрип етсем, Әдил қалмақ,
Айтып өтейин билгеним.
Ўаспын айтып хатқа салсақ,
Ҳәм еситип, ҳәм көргеним.

Шарўа гезер қоныс пенен,
Үлпет болдың болыс пенен,
Ашна яр-дос билис пенен
Ялғанды ойнап күлгениң.

Атаң сениң таўдан асқан,
Несибесин бунда шашқан.
Көргенин қоржынға басқан.
Олжа қыздур мамаң сениң.

Олжа қыздур мамаң нашар,
Оннан туўған түбиң қулшар,
Қул тухымы қулға усар,
Досым аўсар бабаң сениң.

Ата-бабаң өткен жери,
Той-сәранжам еткен жери,
Журтқа хызмет еткен жери,
Қазақдәрья – жайың сениң.

Соғымыңның бәри семиз,
Аттан – айғыр, малдан – өгиз,
Есап етсең еки сегиз,
Байлап сойған қойың сениң.

Айдос бий дәрьядай тасты,
Үш ағаш қурып киси асты,
Арзы қосқа адам қосты,
Солардай зулымың сениң.

Жүзден жүйрик, мыңнан тулпар,
Қус жақсысы туйғын, суңқар,
Қырқ адам болса хызыр бар,
Не билсин саҳрайың сениң.

Тойханаға қаздық ошақ,
Сақалыңа буўрыл бир қушақ,
Көзиң ала, мурның шошақ,
Ҳаслы қулдур бабаң сениң.

Тойға адам көп келеди,
Сый көремен деп келеди,
Қулен болыс өкпеледи,
Келмеди ме шамаң сениң?

Той бермек не еди мақсетиң,
Билсең тойыңда ақсадың,
Шүршит қалмаққа уқсадың,
Лалаўлаған тилиң сениң.

Қосым қарақшы нөкерин,
Көп екен қайқы ҳәкериң
Алпыс батпан шай-шекериң,
Жетпис батпан яғың сениң.

Қудаң болыс, сен ақсақал,
Азайғандай көп ғалмағал,
Бул сөзлерим емес ғаўал,
Теңлесипти бойың сениң.

Ҳаялың сениң балғалы,
Өзиң ақсақал болғалы,
Балғалыдан қыз алғалы,
Самбырайды сабаң сениң.

Сирә сениң дузың кемди,
Дүзиў бермедиң төреңди,
Зарлаттың Есет гереңди,
Тил ҳазары бабаң сениң.

Шүршит қалмақ жетти пәрең,
Әкең сениң Есет герең,
Болыс болсаң адам жерең,
Абырай ақсақал болғаның.

Сен жүрипсең елди гезип,
Ҳәркимге берген бир несип,
Пухараң жүр сеннен безип,
Абырайың кетти сениң.

Бердекең айтар күйгеннен,
Ҳаслы-затыңды билгеннен,
Бундай ақсақал болғаннан,
Жақсы еди өлгениң сениң.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Ким айтар
Алдынғы бөлимге қайтыў: Қыйналма
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.