Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Надан болма (Nadan bolma )


Жөн-жосақларды сорамай,
Азаматлыққа жарамай,
Алды-артыңды барламай,
Ләтте пәмли надан болма.

Шапанды салып ийнине,
Түсип баяғы пейлине,
Қошшы ертпей кейниңе,
Сен басқадай надан болма.

Сениң әкең Қулым жаман,
Оннан қалай туўдың аман?
Сендейлерге емес заман,
Жерменге ерип, жермен болма.

Әкең сениң мурап па еди,
Бундай ҳәмел сорап па еди?
Елден салық жыйнап па еди?
Әкеңе тарт, жермен болма.

Сениң теңиң емес ҳәмел,
Қолыңа ал онсери бел,
Атызға барып шапқыл шел,
Ақылымды ал, онлық болма.

Жармаңды иш, белиңди буў,
Шаршасаң иш қайнаған суў,
Сөйт те әкеңниң жолын қуў,
Наданға ерип, надан болма.

Ақылымды алсаң иним,
Тап өзиңде болса билим,
Усы айтып болған жерим,
Ҳалыңды бил, надан болма!




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Билгейсиз
Алдынғы бөлимге қайтыў: Екен
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.