Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Ақыбет (Aqıbet )


Заман нешик заман болды?
Ақыры болғай ақыбет.
Кеўиллерге қайғы толды,
Қайғы тарқағай ақыбет.

Хызмет етсең, халық ушын ет,
Зинҳар нәмәртке бурма бет,
Жаманнан қаш, аўлаққа кет,
Қарасы жуғар ақыбет.

Жаманларға хызмет етсең,
Дослық мийримин көрсетсең,
Исти кейинг сүйретсең,
Ис ўайран болар ақыбет.

Жақсыға етсең хызметти,
Ол да етер көп иззетти,
Исиң болып берекетли,
Сонда келисер ақыбет.

Әя дослар, тардур заман,
Бастағы бул күнлер жаман,
Тас буршақлы қара думан,
Ақыры болғай ақыбет.

Бастан көп саўда кеширдим,
Қолымнан суңқар ушырдым,
Ғапылда кәрўан көширдим,
Болар ма енди ақыбет?

Бердимурат суўпы болдың,
Сен кимлерге усас болдың?
Мудам елге несип қуўдың,
Несип болмады ақыбет.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Екен
Алдынғы бөлимге қайтыў: Дәўран
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.