Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Быйыл (Bıyıl )


Мураплар алды тилланы,
Моллалар айтты олланы,
Қазбай жылдағы салманы,
Суў тамтарыс болды быйыл.

Суў келмеди көк шыққанда,
Әтшөк қуслар шақырғанда,
Жапларға шығыр қурғанда,
Суў тартылып қалды быйыл.

Жүз өткенде егин ектик,
Қарық жарып қаўын тиктик,
Ақыры ийт түйнек жедик,
Жаманлыққа түсти быйыл.

Суў келмеди атызларға,
Әспек болды күши барға,
Ақсақ мурап – қара қарға,
Бийлер менен жүрди быйыл.

Жерлеримиз болды аяқ,
Әспекти ашсақ жедик таяқ,
Мурап болып өңшең саяқ,
Қуралақан қалдық быйыл.

Болмады ҳешкимим жуўық,
Егинлерди урды суўық,
Басаламай ишип, ашыды қуўық,
Жаман ашлық болды быйыл.

Аштан өлди нешше адам,
Суўыққа да бермей шыдам,
Ашлық болды кетпей мудам,
Оннандағы өтти быйыл.

Қоян жылы жақынлады,
Жылқы жылда халық шуўлады.
Қорқып жүрегим суўлады,
Сондай қыйын болды быйыл.

Шегиртке жеди арпаны,
Қалды тозаңғып топаны,
Айырып келип қопаны,
Қабан да жаў болды быйыл.

Аман қоймай усы ҳалға,
Көп адамды салып жолға,
Қазыўға айдады бәрҳа,
Сүргиншилик болды быйыл.

Бардық қазыўға азықсыз,
Жедик таяқты жазықсыз,
Байлаўда турдық қазықсыз,
Қазыў аўыр болды быйыл.

Ылайды алды шаққаны,
Таўсылып кимниң тақаны,
Тийди мураптың бақаны,
Қазыў қыйын болды быйыл.

Адамлар жүр жалаң аяқ,
Ҳалы оның қалай болмақ?
Мурап сонда урды таяқ,
Жаман ислер болды быйыл.

Солай болып истиң жөни,
Қозғалмай, шықпай үни,
Биразлардың қалып көни,
Өлгенлер көп болды быйыл.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Жаз келер ме?
Алдынғы бөлимге қайтыў: Салық
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.