Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЕЛ МЕНЕН (EL MENEN)

...Бир нешшелер кийип қамқа паршалар,
Алтын менен толтырса да аршалар,
Халқыңды сораса зулым патшалар,
Қассап яңлы күни кешер дар билен.

Адамға қаст етип мийрими келмес,
Ким жаман, ким жақсы парқыны билмес,
Жыласаң да көздиң жасыны көрмес,
Патшаң жаман болса, күниң зар билен.

Уламаға керек туўры сөзлемек,
Ҳақ жол менен шәриятты гөзлемек,
Халықтың оңарын бәрҳа излемек,
Байланысып түйин шешиў ел менен.

Бир-биреўге туўысқанлық бермек қол,
Қара түнде сәрдар болып таппақ жол,
Питиў ушын удайына оңлы-сол,
Ислеў керек барлық жағын ел менен.

Аспанға ушарсаң, болса қанатың,
Шад боларсаң, шадлы болса елатың,
Халқың менен болса тилек-муратың,
Сапа сүрсең узағына ел менен.

Алдында жол баслар ағаң ҳәм болса,
Жаптан туўры ағар суўың ҳәм болса,
Ексең гүлиң ғумшаланып солмаса,
Кеўлим шадланады узақ жыл билен.

Опасыз дүньяда ашылған гүллер,
Қәпестеги сайрап турған бүлбиллер,
Дүньядағы бағыў-ҳәрем, шәменлер,
Оның рәўиши, көрки ел билен.

Атқа минип даңқың көкке жетирген,
Қысымлығын күннен-күнге өтирген,
Өзине жақынның исин питирген,
Олардың ҳәм күни кешер ел билен.

Ғәзийне толысы алтын ақшаның,
Ҳәўли-ҳәрем, және бағы-бақшаның,
Халықты сораған ханыў-патшаның,
Шалқығаны ғәрип-қәсер ел билен.

Мәрўерттен салынған сарай жайлардың,
Аспандағы жақты жулдыз, айлардың,
Малы көп дүньяда муңсыз байлардың,
Шалқыўына себеп сорлы қул билен.

Адамның көркейип адам болмағы,
Көңилдиң шадланып, шалқып турмағы,
Көзге түсип уллы атақ алмағы,
Есигинде үйир-үйир мал билен.

Халықтың қатарда халық болыўы,
Қараңғы түнектиң жарық болыўы,
Көкиректиң шадлықларға толыўы,
Талап етсе, ҳүжим етсе ел билен.

Дүньяға бийқарар келгенин билмес,
Я алыс, я жақын парқыны билмес,
Жолдың узақлығын жигит билдирмес,
Сапар шексе жақсы ҳадал дос пенен.

Жамандай қылығын ҳәргиз басламас,
Тарыққанда көз жасларын жасламас,
Өмиринше өлмегенше тасламас,
Жолдас болсаң узақ жолға мәрт билен.

Мақтумқулы Мәғрип өтти дүньядан,
Әрман менен жоллар салып қыядан,
Өте алмай бөгетсиз теңиз, дәрьядан,
Өмиринше күни өтти зар билен.

Меи йығларман көрип заманның түрин,
Бәрҳа баян етсем сөздиң келерин,
Душпанларым жайды өзиңиз зәрин,
Көзим гиреўленди бәрҳа түн менен.

Мен жылап кимлерге налыс етермен,
Бул дүньяда бул қәпести нетермен?
Әрман билен даўаласып кетермен,
Өлгенимше ырзаласып ел менен.

Мақтумқулы Мәғриптей алдыңды болжа,
Өлген соң аларсаң тилиңнен олжа,
Қысқарт сөзди соры қайнаған Күнхожа,
Өлгениңше хошласып кет ел менен.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: НЕГЕ КЕРЕК
Алдынғы бөлимге қайтыў: ОРАҚШЫЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.