Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ТҮЙЕ ЕКЕНСЕҢ (TÚYE EKENSEŃ)

Шөк дегенде шөгермисең?
Көп жасаған түйе екенсең.
Тоқтамыстан аррағырақ,
Шыңғыс ханды билермисең?

Сизге айтаман, түйе жора,
Бир көзиң көр, арқаң жара,
Пириңиздур – Ойсылқара,
Оны нарым, билермисең?

Жанлық пири – Шопан аға,
Малдың пири – Зәңги баба,
Жылқы пири – Жылқышы ата,
Оларды ҳәм билермисең?

Патшалық жол соннан қалған,
Қусты жыйнап заўал салған,
Жер жүзине патша болған,
Сүләйманды билермисең?

Түйе болсаң малдан озған,
Буўра көрсең, арқаң қозған,
Шилпе-шилпе көзиң тозған,
Бәрин түйем, көрермисең?

Қозғалмайсаң тийгендей оқ,
Мойыныңда әжел қурық,
Айтқанымнан хабарың жоқ,
Бир жуўабын берермисең?

Шылбыр емес буўдаң аўыр,
Қуртлар жеген қатпа баўыр,
Өзиң арық, арқаң жаўыр,
Туўғаныңды билермисең?

Шыңғыс ханнан беррегирек,
Мәдеминнен аррағырақ,
Кийип өткен зер-зербарақ,
Мәдирейим ханды билермисең?

Адамзат пенен исиң жоқ,
Ийелер сени кисиң жоқ,
Аўзыңда жалғыз тисиң жоқ,
Жантақ жеўди билермисең?

Ойлап, ойлап, ойлап турсам,
Шәҳәрге пайтах жар урсам,
Төбелеп ет қылып сойсам,
Насыбай пулы болармысаң?

Патшаның сенсең жас малы,
Уқсаған малға дусмалы,
Мәдемин ханның бас малы,
Жети атаңды билермисең?

Жәҳанның келген апаты,
Шаҳның берген бизге аты,
Хийўа ханның зияпаты.
Жол қәрежет болармысаң?

Семирсин деп жем берди ме,
Жем берсе де кем берди ме,
Қаңтарыпты, дем берди ме,
Буны нарым, билермисең?

Кел дегенде келермисең,
От жеймен деп жүрермисең,
Көзиң соқыр, суўсармысаң,
Усы ўақытта өлермисең?

Сен де қуўрап қалған тикеш,
Ат қошшылар, буйдасын шеш,
Қара буўра қыйсық, өркеш,
Заманында түйе екенсең.

Өспей шықпай қалған жүниң,
Өзи жасық арық етиң.
Ҳарам өлип, дүзде көниң,
Қалатуғын түйе екенсең.

Күлки болып ярға, досқа,
Шежиредеги қалған нусқа,
Буннан жақсы кеткен босқа,
Көп жасаған түйе екенсең.

Айры өркеш, келбетиң зор,
Көп жас минип, қурыпты тор,
Қартайғанда болыпсаң хор,
Заманыңда түйе екенсең.

Сеннен туўған тайлақ болса,
Бул да берген сыйлық болса,
Төлиң менен байрақ болса,
Өнип-өсер түйе екенсең.

Көп жасаған түйе олжа,
Мақтумқулыдай алдың болжа,
Әўере болған Күнхожа,
Заманыңда түйе екенсең.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ОРАҚШЫЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: УМЫТПАСПАН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.