Блог

Сәлем дүнья!

Таза бағдарламаластырыў тилин үйренип баслаған бағдарламашы (программист) биринши болып 'Сәлем дүнья' (Hello World) дәстүрин дүзгени сыяқлы, бизде блогымыздың биринши мақаласын усындай атама менен баслаўға қарар еттик.

Бул блогтың бас мақсети, сайтта болып атырған барлық өзгерислерди оқыўшыларға жеткизип турыў. Жаңа китаплар қосылдыма яки сайтта таза имкәниятлар жаратылдыма, барлығын усы блогымыз арқалы сәўлелендирип турыўға нийет етип отырмыз. Блог мақалаларына силтемени социал тармақлардағы бетлеримиз арқалыда бөлисиўди режелестирдик, соның ушын сайттың төменинде келтирилген социал тармақлардағы силтемелерге итибарыңызды қаратып өтсеңиз болады.

Бул сайтты тек ғана оқыўшы ретинде пайдаланбай, сайттың раўажланыўынада өз үлесиңизды қосасыз деген үмиттемиз. Буның ушын биринши нәўбетте китаплар базамызды көбейтиўге жәрдемиңиз керек. Сондай-ақ, сайт қәте-кемшиликлери, яки жаңа пикир ҳәм идеяларыңыз болса, Байланыс бетинде келтирип өтилген жоллардың бири менен байланысыўыңызды сорап қаламыз.


Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул жаңалықты пайдалы деп билсеңиз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.